Хорезм ўәлаяты Хийўа районында және бир мешит ашылды. Бул ҳаққында ӨМБ Хорезм ўәлаяты ўәкиллиги хабар береди.
Ўәлаят бас имамы Хийўа районында ашылған “Молла Абдуқәдир баба” мешити ҳаққында айтып берди ҳәм Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий ҳәзиреттиң сәлемлерин жеткерди.
Бул жаңа бир мешит Хийўа районы халқы ушын уллы бир орынға айланыўы айтылды. Мешит қурылысына ҳәр тәреплеме жәрдем бергенлерге естелик саўғалар берилди.
Жыйында қатнасқанлар мешит ашылыўы мүнәсибети менен таярланған дастурханға мирәт етилди. Мешит ашылыўы мүнәсибети менен мүриўбет үйлерине азық-аўқат тәрепинен жәрдемлер берилди. Жыйын ақырында ел-журтымыз тынышлығы, турмысымыздың және де пәраўан болыўы соралып дуўалар етилди.