Фото

Жаңа мешит ашылды

13 Декабрь, 2017 1687

Сурхандәрья ўәлаяты Шоршы районындағы мешитлер саны және биреўге көбейди. “Таллы ата” мешити Сурхандәрья ўәлаяты Әдлия басқармасында дизимнен өткерилди.

Өткен жума, 8 декабрь күни әйне усы “Таллы ата” мешитиниң ашылыў мәресими болып өтти. Бул мешит Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл қылынғанының 25 жыллық тойына мүнәсип саўға болды. Сол мүнәсибет пенен мешитте шүкиршилик дастурханы ашылды. Бул жыйында диний басқарма мешитлер бөлими хызметкери устазымыз Исҳақжан дамла Бегматов, Сурхандәрья ўәлаяты бас имам хатиби Әлиәкбар дамла Сайфиддинов, ўәлаяттағы басқармалар баслықлары ҳәм көплеген намазханлар қатнасты.

Жыйын байрам кейпиятында өтти. Онда Исҳақжан дамла Бегматов сөзге шығып, жыйын қатнасыўшыларын қос қуўаныш, яғный Бас нызамымыздың қабыл қылынғанының 25 жыллық тойы ҳәм “Таллы ата” мешитиниң ашылыўы менен қутлықлады, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретиниң мешит қәўимине сәлемлерин жеткерди.

Соннан кейин бәрше жума намазын оқыў ушын мешиттиң тийкарғы бөлмесине кирди. Жума намаздан кейин дуўаға қол ашылып, усындай уллы неъматлар менен журтымызды, халқымызды сыйлап атырған Жаратқан Аллаҳға ҳамд саналар айтылып, журтымызда болып атырған үлкен өзгерислер тийкаршысы болған Мәмлекетимиз басшысы, олардың қасындағы диний салада сүйениш ҳәм көмекши болып турған муфтий ҳәзиретлери, мийнеткеш халқымыз болған мөмин мусылманларға дуўалар етилди

Және бир мәрте жаңа мешит мүбәрек болсын!

Бизиң Қарақалпақстанымызда да жаңа мешитлер ашылыўын Аллаҳ тааладан сорап қаламыз!

Тэглер