Фото

Өзбекстан ҳәм Туркия президентлери телефон арқалы сөйлести.

12 Декабрь, 2017 1341

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Туркия Республикасы президенти Ражаб Тоййиб Эрдуған арасында Туркия тәрепиниң басламасы менен 2017 жыл 11 декабрь күни телефон арқалы байланыс болды.

Телефон арқалы байланыс әўелинде Туркия президенти мәмлекетимиз президентин мәмлекетимиздеги өзгерислер ҳәм жәмийетлик-экономикалық ислердиң жаңа басқышын әмелге асырыў бойынша қолға киргизилген әмелий нәтийжелер менен қутлықлады.

Өзбекстан Президенти мәмлекетимизде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының бәрше салаларында тыныш ҳәм жоқары раўажланыўды тәминлеўге қаратылған сиясатты жоқары баҳалағаны ушын шуқыр миннетдаршылық билдирди.

Телефон арқалы байланыста мәмлекет президентлери усы жыл октябрь айында Туркия Республикасына жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмағы бойынша ерисилген келисиў ҳәм питимлерди әмелге асырыўдың әҳмийетлилигин айрықша тәкидледи.

Саўда-сатық, технология, экономика, транспорт, туризм ҳәм мәденият салаларындағы қоспа бағдарламалар ҳәм режелерди әмелге асырыў бойынша өзара жемисли байланысларды даўам еттириў зәрүр екени айтылды.

Президентлер, сондай-ақ, Истанбул қаласында болып өтетуғын Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң нәўбеттен тыс саммити күн тәртибиндеги мәселелер, солардан, жақын орталықтағы ҳәм халықаралық сиясаттың басқа әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алмасты.

Тэглер