9-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студен-жаслар арасында “Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў”, “Терроризм, диний экстремизмниң унамсыз ақыбетлери” ҳәм “Адам саўдасы” темаларында жыйналыс болып өтти.
Жыйналысқа Прокуратура, ИИБ ҳәм диний шөлкем хызметкерлери қатнасында, студенлердиң ҳуқықый билимлерин асырыў, олар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў ҳәм де руўхый-ағартыўшылық ислер нәтийжелигин асырыў бойынша сәўбетлесиў ҳәм пикир алысыўлар болды. Имам ийшан Муҳаммад жоме мешити имам-хатиби Бахраматдин Разов “Терроризм, диний экстремизмниң унамсыз ақыбетлери” темасында баянат жасады.