Алма ата қаласында Қазақстан Мусылманлары басқармасының VIII қурылтайы болып өтти, қурылтай жуўмақларына көре Қазақстан Мусылманлары басқармасы муфтийи орынбасары Серикбай ҳажы Ораз улы Қазақстан Мусылманлары басқармасы муфтийи лаўазымына сайланды.
8 декабрь күни Серикбай ҳажы Ораз улының аты жыйналыс қатнасыўшыларына таныстырылды. Шөлкемлестириўшилердиң айтыўынша, жыйналыста 300 делегат қатнасып, олар Серикбай ҳажы Ораз улын бир даўыстан мақуллаған. Қурылтайда Жоқары муфтийдиң орынбасарлары да тайынланды.
42 жаслы Серикбай Ораз улы 1992 жылда Ташкент медреселеринде тәлим алған. 1992 жылдан 1994 жылға шекем Мысырдағы Әл-Әзҳәр университетинде оқыған. 1995-1996 жылларда Исламабад университетинде тәлим алған. 2014 жылда Нур-Мүбәрек университетин тамамлады.
Серикбай ҳажы Ораз улы Алма атада мешит имамы орынбасары болып, кейин Астанадағы муфтият ўәкили болып, соң Қазақстан Мусылманлары басқармасы баслығының орынбасары болып иследи.
Мағлыўмат ушын, Серикбай ҳажы Ораз улынан алдын Жоқары муфтий лаўазымында 45 жаслы Ержан Малгажули Маямеровтың ислейтуғын еди.