Өзбекистан Республикасы бойлап орынларда Конституциямыздың 25 жыллығы мүнәсийбети менен ҳәр түрли илажлар ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте.
Соның менен бирге Конституциямыз қабыл қылынғанының 25 жыллығы мүнәсийбети менен бир қатар журтласларымыз естелик нышанлары менен сыйлықланды. Мине усындай сыйлықланғанлар ишинде Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ш. Бауатдинов, директор орынбасары А. Ережепов, оқытыўшы С. Раджапов “Ўзбекистон Республикаси Конституциясига 25 йил” көкирек нышаны менен салтанатлы түрде мүнәсип сыйлықланғанлар қатарында болды.
06-декабрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты мәжилислер залында “Өзбекистан Республикасы Конституциясы мәмлекет ҳәм жәмийет раўажлныўының ҳуқықый тийкары” темасында иләж өткерилди. Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлиги хизметкери Исатай Алдабергенов, Арқа-Батыс әскерий бөлим командири аға лейтенант Шавкат Тулабаев, Қарақалпақсатн Республикасы Қазыяты ўәкиллери, билим журты директоры, оқытыўшылары ҳәм студент жаслары қатнасты бул ушрасыў кешеси жүдә көтериңки руўҳда өткерилди.