Фото

Индонезия Президентиниң дин ислери бойынша мәсләҳәтшиси журтымызға келди

05 Декабрь, 2017 1309

2017 жыл 3 декабрь күни Самарқанд қаласында журтымызда мийман болып турған Доктор Насриддин Умар басшылығындағы Индонезия делегациясы менен Самарқанд ўәлаяты ўәкиллери арасында зыярат туризмин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер болып өтти.

Бунда Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң туризмди раўажландырыў бойынша орынбасары Мунис Восеев ҳәм Самарқанд ўәлаяты бас имам-хатиби Зайниддин Эшонқулов қатнасты.

Насриддин Умардың айтыўынша, Индонезиядан ҳәр жылы 2 миллионнан артық адам Умра зыяратына барады. Алдынлары Ирак ҳәм Сурия арқалы әмелге асырылған сапар, ҳәзирги ўақытта бул мәмлекетлердеги урыслар себепли Туркия арқалы әмел аспақта екен.

Мийманның айтыўынша, журтымыздағы бар шараятларды есапқа алғанда Умраға Самарқанд арқалы барыў жақсы таңлаў екен. Уламалар, уллы тарийхый шахслар жасап өткен жерге келип, зыярат етип болып, Саудия Арабстанына ушыўды қәлеўшилер Индонезияда көпшиликти қурайды.

Бүгинги күнде Индонезия халқы 250 миллионнан асты ҳәм олардың 90 пайызын мусылманлар қурайды. Егер 2 миллион умраға барыўшылардың 50 пайызын Өзбекстан арқалы алып өтиўге ерисилсе, туризмниң раўажланыўы ушын жүдә үлкен өзгерис болады.

Журтымыздың тынышлығы, тәртип-интизам, нызам-қағыйдалар жақсы жолға қойылғаны, терроризм қәўипин пәс дәрежеде екени мәмлекетимизге болған қызығыўды арттырмақта.

Тэглер