Ушырасыўда мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышта ҳүкиметимиз тәрепинен миллий ҳәм диний қәдириятларды тиклеўге үлкен итибар қаратылып атырғаны ҳәм бул бойынша болып атырған үлкен қайырлы ислер туўрысында мийманларға айтып берилди. Солардан, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев басламасы менен Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта Имам Бухарый халықаралық илимий изертлеў орайы шөлкемлестирилип атырғаны, қәнигелескен илимий мектеплер өз исин баслағаны ҳәм усы орайлардың келешектеги режелери баян етилди. Сондай-ақ, бул орайлар шөлкемлестирилгени журтымыз даңқын, бул жерден туўылып-өскен уламалардың атларын пүткил дүньяға тарқатыў үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша тәкидленди.
Ушырасыўда тәреплер бир-бири менен журтымызда диний салада жүз берип атырған жақсы өзгерислер ҳаққында пикир алмасты. Фархан Нызамый 20 жыл алдын Өзбекстанға келген, усы күнге шекем болып атырған ислер, жақсы тәрепке болған өзгерислерге үлкен қызығыў билдирди.
Мийманлар және “Ҳәзирети Имам” комплекси тарийхы, комплекстиң Ташкентте жасап өткен улама, фақиҳ Әбиў Бәкир Қаффал Шашый аты менен байланыслы екени, Республикада ислам дининиң ҳақыйқый тынышлық ҳәм ағартыўшылық идеясын ен жайдырыў бойынша алып барылып атырған ислер ҳаққында мағлыўмат берилди. Буннан кейин мийманлар Әбиў Бәкир Муҳаммад ибн Исмайыл ибн Қаффал Шашый мақбарасын зыярат етти.