Фото

БАЙРАМ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МҮНӘСИП СЫЙЛЫҚЛАНДЫ.

05 Декабрь, 2017 1595

Быйыл Ѳзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 25 жыл толады.

Конституциямыз қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, журтымызда ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты асраў, тийкарғы Нызамымыздың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин кең ен жайдырыў, жас әўладты Нызамға ҳүрмет, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў ислерине мүнәсип үлес қосқан жерлеслеримиз ҳәр жылы кѳкирек нышанлары менен сыйлықланады.

Мине усындай сыйлықлаў кешеси усы жылдың 4-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси мәжилислер залында болып ѳтти. Усы сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муўса Тажетдинович Ерниязов тәрепинен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Бауатдинов Шамсуддин Салиевич "Ѳзбекистан Республикасы Конституциясына 25 жыл" кѳкирек нышаны менен салтанатлы тәризде мүнәсип сыйлықланды.

Тэглер