Фото

Медреседе мәўлид өткерилди

03 Декабрь, 2017 1463

Неше әсирлерден бери, журтымызда Пайғамбарымыз Муҳаммад мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мүбәрек мәўлид күни айрықша ҳүрмет пенен күтип алынып, мәўлид дастурханы жайылады.

Усындай мәўлидлерден бири қаламыздағы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында болып өтти. Билим журты мударрислер ҳәм медресеге келген әмелиятшы талабалар шөлкемлестирген бул мәўлидте билим журты устаз ҳәм хызметкерлери, талабалары ҳәм мийманлар қатнасты. Мәўлид Қуран тиләўаты ҳәм қайырлы дуўалар менен басланды.

Мәўлидти кирис сөзи менен ашқан билим журты мудири Шамсуддин Баҳауддинов мәўлидтиң пазыйлети ҳаққында айтып өтти, бул ғәниймет ўақытлардан пайдаланып қалыў усыныс етилди.

Билим журты оқытыўшысы Жумабек Искендеров Пайғамбарымыздың мәўлиди ҳәм ол кисиге салаўатларды көбейтиўдиң әҳмийети ҳаққында маруза етти. Қылынған марузаның әмелий көриниси сыпатында, медресениң ҳәрекетшең талабалары таярланған салаўатлар шырайлы көринисте айтылды. Мәўлид қатнасыўшылары салаўатларды еситип кеўиллери хош болып талабаларға қосылып саўатлар айтты.

Мәўлидтың ақырында қайырлы дуўалар етилип, қатнасыўшылар мәўлид дастурханына мирәт етилди.

Тэглер