Фото

Ҳеш ким итибардан шетте емес.

03 Декабрь, 2017 1465

Бүгинги күни пүткил дүнья халқының 1 миллиардтан артығында, яғный жети адамнан кеминде биреўи белгили бир түрдеги нәгиранлығы бар болып, бәрше нәгиранлардың 100 миллионнан артығын өспиримлер қурайды.

Ҳәр жылы 3 декабрь сәнесинде нәгиранлығы болған шахслар күниниң нышанланыўынан тийкарғы мақсет пүткил дүньяда әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарларда нәгиранлар басқа нәгиран болмаған адамлар менен тең ҳуқықлық тийкарында қатнасыўын, нәгиранлардың ҳақ-ҳуқықлары инабатқа алыныўы, бәрше мәмлекетлерде нәгиранлардың қәдир-қымбатын қорғаўшы нызамлар ҳәм тәртип-қағыйдалар еңгизиўди тәминлеўден ибарат.

Өзбекстанда да нәгиранлығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў, оларды жәмийетимиздиң толық ағзасы екенин көрсетиў мақсетинде түрли илажлар әмелге асырылып атыр.

Буны 1 декабрь күни Өзбекстан Президенти тәрепинен “Нәгиранлығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды раўажландырыў ҳаққындағы”ғы пәрманға қол қойылыўында көриў мүмкин. Бул пәрманда алдынлары нәгиранларды кемситиў мәнисиниң итималы болған “нәгиран” сөзиниң орнына “нәгиранлығы болған шахс” ибарасының қолланылыўы белгиленген.

Буннан басқа да, бул пәрманда нәгиранлығы болған шахсларға қолайлық жаратыў ушын жәмәәт транспортын пандуслар, айрықша орынлар менен, бәндирги ҳәм маршрутларды еситтириўши, электрон мағлыўматлар таблолары киби арнаўлы үскенелерди қойыў, олардан еркин пайдаланыўды басқышпа-басқыш тәминлеў орынларда нәгиранлығы болған шахсларды социал қорғаў ҳәм оның жемислилигин асырыўға тийисли ис-илажлар ислеп шығылады.

Өзбекстан Мусылманлары басқармасы тәрепинен де нәгиранларды социал қорғаў мақсетинде түрли илажлар әмелге асырылмақта. Усындай илажлардан бири сыпатында Гемотология ҳәм қан қуйыў илимий тексериў институтының клиникасында Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери атынан лейкемия менен кеселленген балаларға саўға, медицина буйымлары берилгенин келтирип өтиў мүмкин.

Бул саўаплы ислер “3 декабрь – Халықаралық нәгиранлар күни” мүнәсибети менен әмелге асырылмақта.

Халықаралық нәгиранлар күни 1992 жылда қабыл қылынған БМШ Бас Ассамблеясының 47/3-санлы қарарына көре нышанлана басланды.

Тэглер