Бир неше жыллардан берли, мыңлап журтласларымыз Ҳаж ҳәм Умра зыяратларына барып келмекте. Олар қәтержам ибадат етиўи ушын жылдан-жылға шараятлар жақсыланбақта.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен жәрияланған бул пәтўада, Ҳаждың парыз болыўы ушын адамда табылыўы лазым болған шәртлер, сондай-ақ, ҳаж сапарына атланыўдың тәртип-қағыйдалары, әдеп-интизамы баян етилген. Бул пәтўа менен сайтымыздың пәтўа бөлиминде толық танысыўыңыз мүмкин.