Фото

Мешитимизде мәўлид оқылды

01 Декабрь, 2017 1427

Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам туўылған, Робиъул әўўәл айының кирип келиўи мүнәсибети менен халқымыз арасында дәстүр болып қалғанындай, мәўлид оқыў, салаўатлар айтыў сыяқлы әмеллер және де көбейеди. Бул айда ҳәр түрли байрам дастурханлары жайылып, байрам кейпияты гүллан халқымыз жүзинде балқыйды.

Мине усындай илажлардан бири бүгин 1-декабрь күни Нөкис «Имам Ийшан Муҳаммад» жами мешитинде жума намазы алдында болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Мусулманлары Қазыяты қазысы Баҳауддинов Шамсуддин устаз намазханларға жума марузасын ҳәм ондағы әҳмийетли мәселелерди айтып өтти. Соң бул Робиъул әўўәл айының муқаддес екенлигин, оның муқаддеслиги онда Расулуллаҳ туўылғанлығы менен тиккелей байланыслы екенлигин айтып, айырым мәўлид оқыў, байрам қылыў бидъат деўшилерге, бул қараслары дурыс емес екенлигин айтып өтти. Өйткени бул ай, бул күнлер Пайғамбарымыздың сийратларын үйрениўге шақырыўшы, салаўатларды көбейтетуғын ай.

Журтымыз мешитлеринде мине бир неше жыллардан берли мәўлид күнлеринде Имам устаз Барзанжийдиң «Мәўлидун нәбий» китабынан оқып дуўалар қылыў жолға қойылған. Болып өткен илажда да, Нөкис қаласында жайласқан «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» медресеси талабалары мине усы китаптан жәмәәтке мәўлид оқып берди.

Сондай-ақ, Пайғамбарымызға салаўатлар айтылды. Илаж соңында Устаз бәрше жәмәәтке қайырлы дуўалар қылып, жума намазын оқыўға кирисилди. Намаз оқып болғаннан соң, Қуран хатм қылынып саўаплары алдын ала Пайғамбарымызға, ол кисиниң әҳлине, саҳабаларына қалаберди бәрше динимиз раўажланыўында жан күйдирген уламаларымыз руўхларына бағышланды.

Тэглер