Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2017 жыл 13 ноябрдағы 01А/113-санлы буйрығына тийкарланып басқармаға қараслы диний тәлим журтларында 2017-2018 усы жылы 1 декабрдан баслап “Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” ҳәм де “Арап тили” пәнлери бойынша оқыў курслары басланыўы ҳаққында мәлим етилген еди.
Бул хабар жәрияланғаннан кейин Өзбекстан мусылманлары басқармасына көплеп пуқараларымыз тәрепинен жазба ҳәм аўызеки мүрәжатлар болды.
Қәнигелер тәрепинен мүрәжатлар үйренилип шығып, шөлкемлестирилиўи режелестирилген курслардағы оқыў мүддети, оқыў жобалары ҳәм басқа ҳүжжетлерди көрип шығыў, олар тастыйықланғаннан кейин, бул ҳаққында қосымша мағлыўмат жәриялаў мақсетке муўапық екени ҳаққында жуўмаққа келинди.
Усы мүнәсибет пенен оқыўды қәлеўши пуқаралар шөлкемлестирилетуғын курслар ҳаққындағы жаңалықларды билиў ушын Өзбекстан мусылманлары басқармасының www.muslim.uz сайтын гүзетип барыўы усыныс етиледи.
ӨМБ тәлим бөлими