Индонезияның «The Jakarta Post» ҳәм Туркияның «haber7» баспаларының хабар бериўинше, Саудия Арабстаны ҳүкимети Еки муқаддес қала (Мәккә ҳәм Мадина)да фотоға ҳәм видеоға алыўды қадаған етиўге қарар қылды.
Соңғы ўақытлары Ҳаж ҳәм Умра зыяраты ўақтында зыяратшылардың ибадат орнына селфи түсип социал тармақларға қойыў әдети эпидемиядай кең жайылмақта. Нәтийжеде Ҳарамы Шәрийф ҳәм Масжидун Нәбаўий киби муқаддес Ислам орынлары ықтыярсыз рәўиште шоу-майданларына айланып қалмақта, Аллаҳ сақласын! Қарар усындай жағдайларды тоқтатыў ушын шығарылған.
Буннан басқа да, адамлардың басқа зыяратшылар фонында өзлерин сүўретке түсиўи инсанларды өзлери бийхабар ҳалда усы шоудың қатнасыўшысына айландырып қоймақта. Негизинде, олар Аллаҳға ибадат қылыў ушын келген ҳәм усы ўақытларын бир өмир күткен болыўы да керек. Бул сол инсанлардың жеке турмысына кесент бериўи ҳәм олардың көринисин руқсатсыз қоллаў екенин айтып отырыў шәрт емес.
Усыларға тийкарланып айырым уламалар муқаддес исламый зыяратханаларда селфиге түсиўден қайтармақта.