Фото

Россия ҳәм Францияда сақланып атырған Қуран қолжазбаларының нусқалары Өзбекстанға тапсырылды

29 Ноябрь, 2017 1379

28 ноябрь күни Ташкентте «Заманлар кесилиспеси: өтмиштиң уллы мийрасы– мәрипатлы келешек тийкары» темасындағы Халықаралық медиа-форум өз исин баслады.

Медиа-форумда «Үлкен Лангар Қураны», «Дийўаны Ҳусайний», «Пәклик бағы», «Тимур тузуклари», «Меъражнама» атлы қолжазбалардың нусқалары Өзбекстан ҳүкиметине тапсырылды.

Россия Федерациясы Пәнлер академиясының Шығыс қолжазбалары институты ҳәм Франция Миллий китапханасында сақланып атырған бул қолжазбалардың факсимил нусқалары Европаның белгили баспаханаларынан биринде жоқары технологиялар бойынша таярланған. Олар максимал дәрежеде негизги нусқасына жақын, тәбийий алтын қапламалы қағазда исленген.

«Үлкен Лангар Қураны» қолжазбасы Қураны Кәриймниң бизлерге шекем жетип келген ең ески ҳәм бийбаҳа нусқаларынан бири есапланады. Қолжазба VIII әсир ақырларында пергаментке куфий-ҳижазый хатта жазылған. Нева дәрьясының бойында, Россия пәнлер академиясының Шығыс қолжазбалары институтында әне усы муқаддес китаптың бизлерге жетип келген ең үлкен бөлеги 81 бети сақланады.

Пүткил дүньяға белгили Усман мусҳафының таўылмас нусқаларынан бири саналған бул қолжазба Шығыс қолжазбалары институтына Қашқадәрья ўәлаятының Қамаши районы Үлкен Лангар аўылынан барып қалған. Бул китаптың және 16 саҳифасы Өзбекстанда – Үлкен Лангар аўылында, Ташкент ҳәм Бухарада сақланады.

Тэглер