Фото

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың “Ислам тарийхы” китабы баспадан шықты

27 Ноябрь, 2017 1375

Ташкенттеги “Ҳилал-нашр” баспаханасы мәжилислер залында Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳтың 2 томлы “Ислам тарийхы” китабы менен танысыў мәресими болып өтти. Мәресимде журтымыздың атақлы алымлары, шет елден келген мийманлар қатнасты.

Мәресимди “Ҳилал-нашр” баспаханасы директоры Исмайыл Муҳаммад Садық ашып, “Ислам тарийхы” китабының жазылыўы ҳаққында айтып өтти. “Бул китап марҳум устазымыз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың өз қолы менен жазған ақырғы китабы”, деди ол.

“Ислам тарийхы” китабының 1-томы ҳаққында Ташкент Ислам институты аға оқытыўшысы, сийрат пәни устазы Абдул Азим Зияўуддин айтып берди. “Ҳәзирет бул китапты жазып болып, корректорлаў ушын маған тапсырғанда жүдә қуўанған едим. Китаптың бул томы Адам алайҳиссаламнан хулафаи рашидийнге шекем болған Ислам тарийхын өз ишине алады. Устазымыз неше мың жыллық Ислам тарийхын қысқа етип шеберлик пенен усы китапқа жәмлеген”, деди ол.

Китаптың 2-томы ҳаққында изертлеўши алым Абдулҳамид Зайриев айтып берди. Екинши томда умаўийлер дәўиринен бүгинги күнимизге шекем динимиз тарийхы жарытылған.

Мәресимде Шайх ҳәзиреттиң “Ислам тарийхы” китабы ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий жәрдемшиси Абдулҳамид Турсун, тарийх пәнлери докторы, профессор Мирсадық Исҳақов, Ташкент ўәлаяты бас имам хатиби Хайрулла Турматов ҳәмде Абдуллаҳ махдум пикир билдирди.

2 томлы “Ислам тарийхы” китабын “Ҳилал-нашр” баспасынан ҳәм hilolnashr.uz сайтынан сатып алыўыңызға болады (89000 сўм). Сондай-ақ, “Ҳилал-нашр” баспаханасында шөлкемлестирилген электрон китапханада усы усы ҳәм ҳәзиреттиң басқа китапларын табыўыңызға болады.

Тэглер