Фото

Журтымыздағы ҳәр бир мийманханада Қуран, жайнамаз ҳәм қубла көрсеткиши болады

26 Ноябрь, 2017 1321

Зыярат туризмин мәмлекетимизде және де раўажландырыў мақсетинде көп ислер әмелге асырылмақта. Сондай ислердиң бири Ташкент халықаралық аэропортында намазхана шөлкемлестирилгенин келтирип өтиў орынлы.

Тараўды раўажландырыў, журтымызға келип атырған зыяратшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети “Туристлик хызметлерди сертификатластырыў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен таза мәмлекетлик стандартты ислеп шықты.

Oʻz DSt 3220:2017 “Туристлик хызметлер. Жайластырған нәрселери. Улыўмалық талаплар” бойынша стандарт 2018 жылдың 1 январынан күшке кириўи белгиленген.

Орнатылған қағыйдаларға көре, ҳәр бир мийманхананың улыўма ханалары санының кеминде оннан биринде Қураны кәрийм, ибадат қылыў ушын жайнамаз ҳәм де кеминде 30 пайызында қубла көрсеткиши болыўы шәрт.

Тэглер