24 ноябрь күни журтымызға Татарстан Республикасы уламаларынан ибарат делегациясы Самарқанд ўәлаятына келди. Мәртебели мийманлар Өзбекстан Мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары Ибраҳым Инамов пенен зыярат орынларына барды. Самарқандқа барыўы жума күнине туўры келгени мүнәсибети менен, мийманлар дәслеп Имам Бухарый мешитинде жума намазын оқыды ҳәм ибадаттан кейин еки мәмлекет арасындағы мүнәсибетлердиң беккем болыўы, басланып атырған ислер жақсы нәтийжелер көрсетиўин сорап дуўалар қылды.
Комплекс бойлап зыярат етиў даўамында Самарқанд ўәлаяты бас имам-хатиби Зайниддин Ийшанқулов ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарый ҳәзиретлериниң өмири ҳәм дөретиўшилиги, ол кисиниң қалдырған бай мийрасы, сондай-ақ, бүгинги күнде ол кисиге көрсетилип атырған мәмлекетлик дәрежедеги итибар ҳаққында мағлыўматлар берди. Зайниддин Ийшанқулов сөзи даўамында, Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул комплекске айрықша итибар берип атырғанын ҳәм жақында зиярат орны және де абат болыў алдында турғанын айрықша айтып өтти.
Ушырасыў ақырында Татарстанда Өзбекстанға келип зыярат орынларына барыўды қәлеўшилер ҳәр дайым көп болғаны, ендиликте жоллардың ашылыўы татарстанлылар тәрепинен қуўаныш пенен қабыл етилгенин айтты. Өз нәўбетинде журтласларымызды да Татарстан делегациясы өз журтына зыярат етиўге шақырып қалды.