Жаңа Зеландиядағы Таубу қаласы усы жылдың 24-25 ноябрь күнлери Қураны кәрийм мәнилериниң түрли тиллерге аўдармаларына бағышланған көргизбени шөлкемлестирди. Бул көргизбени өткериўден Ислам ҳәм мусылманлар туўрысында натуўры түсиниклерди жоқ етиў мақсет етилген.
Усы күнге шекем Қураны кәрийм мәнилери 75 тилге аўдарылған. Таубу қаласында шөлкемлестирилген бул көргизбеге Қураны кәрийм мәнилериниң 52 тилде қылынған аўдармалары қойылады, олар арасында 20 жыллық мийнет нәтийжесинде әмелге асырылған Қураны кәрийм мәнилериниң Жаңа Зеландия халқы ислететуғын маорий тилиндеги аўдармасы да орын алған.
Жаңа Зеландия мусылманлары жәмийети усы бағдарламаны жақын ҳәптелер ишинде өзге дин ўәкиллери ушын Ислам дининиң ҳақыйқый тәлиматлары ҳаққында туўрыдан-туўры мағлыўмат бериў мақсетинде шөлкемлестириўди режелестирген. Көргизбе шеңберинде динлерара дослық байланыслары шөлкемлестириледи ҳәм қатнасыўшылардың Ислам дини көрсетпелери туўрысында сораўларға жуўаплар бериледи.