Өзбекстан Мусылманлары баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери Робиъул әўўәл айында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға бағышлап жазылған ҳәм UZ доменинде жәрияланған (қайсы сайт болса да) дөретиўшилик ислердиң ең жақсысына сыйлық береди.
Таңлаў шәрти:
Исенимли мағлыўматлар тийкарында, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға болған муҳаббатты және де зыяда ететуғын, ол кисиниң сүннет ҳәм ислерин қылыўға жигерлентиретуғын, ҳабийбимиздиң өмир жолын үйрениўге шақыратуғын, ең тийкарғысы, Расулуллаҳға ҳақыйқый үммет болыўға жетеклейтуғын қосық, мақала, ол кисиге аталған хат, темаға тийисли илимий мақала яки илимий шығарма ҳәм аўдармалар киби жөнелислерде UZ домени ишинде жәрияланған (қайсы сайт болса да) ең зор дөретиўшилик ислери таңлап алынады.
Робиъул әўўәл айының ақырында жеңимпазлар анықланып, оларды Өзбекстан Мусылманлары диний басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери сыйлықлайды.