22 ноябрь күни Бухара ўәлаяты Мир араб жоқары медресесинде Өзбекстан Мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары директорлары арасында семинар болып өтти.
Бунда диний тәлим журтларының тәлим-тәрбия ислерин және де жақсылаў, уқыплы талабалар менен ислесиў, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына тапсырыўы, ис орынларына бөлистирилиўи ҳәм ол жерлерде питкериўшилердиң ислеўи, “Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы”нда тәлим дәргайларында алып барылып атырған ислер, тәлим дәргайларының гүз-қыс мәўсимине таярлығы бойынша сөйлесилди.
Күнниң екинши ярымында “Өзбекстан – диний кеңпейиллик журты” темасында жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары талабаларының конференциясы да болып өтти.
Жыйналысқа Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов ҳәм Муҳаммад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқыў ислери бойынша директор орынбасары Саламат Қудайбергеновлар қатнасып келди.