Ислам дини илим алыўға, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа шақырыўшы дин. Илим алыў инсанды еки дүнья саадатына жеткериўши бирден-бир қурал болып, ҳәр қандай иске әмел етилиўи ҳәм оның илим тийкарында болыўына байланыслы.
Илим алыў инсанға ҳүрмет, мәртебе ҳәм пазыйлет алып келеди. Халқымызда “алым болсаң әлем сеники” деген нақыл бийкарға айтылмаған. Инсан қаншелли илим алыўды даўам етер екен оның билим шеңбери, ой-өриси кеңейип барады, ойлаў қәбилети артады, терең пикирлейди.
Тарийхта илим үйрениў, кәсип-өнер ийелеў әййем заманлардан бери айрықша орын тутып келген. Ата-бабаларымыз, ҳәттека мәмлекетимиз де өзиниң кәсип-кәрине ийе болған, исбилермен инсанларды қәдирлеген ҳәм қәдирлеп келмекте.
Дүньяға өзлериниң бай илимий мийрасын қалдырған уллы ойшылларымыз әлбетте бир кәсип-өнерди толық ийелеген ҳәм сол арқалы ҳадал өмир кеширген. Олар Баҳауиддин Нақшбанд ҳәзретлериниң "Қолың мийнетте болсын, қәлбиң Аллаҳда» деген сөзлерине муўапық ис тутқан.
Мине усылар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасындағы бәрше орта арнаўлы мектеплер, кәсип-өнер колледж ҳәм академиялық лицейлерде “Илим алыў пазыйлети”, “Устаз атаңдай уллы”, “Тынышлықтың қәдири” ҳәм “Ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлери” темасында түсиник жумысларын алып барыў кестеси дүзилип, бүгинги күнде республикамыздың билим бериў орынларында имам-хатиблеримиз өзлериниң баянатлары менен қатнаспақта.
И.Алланов
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери