Фото

ҲАЖЫЛАРЫМЫЗ ЕЛИМИЗГЕ ҚАЙТЫП КЕЛДИ

17 Сентябрь, 2017 1391

16-сентябрь күни Нөкис аэропортынан 150 зияратшыларымызды күтип алыў мәресими болды. Зияратшыларды күтип алыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары М.Алеуов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Республика «Мәҳлле» қоры, Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Муҳаммад ибн ҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты ўәкиллери зияратшыларымызға ҳүрмет иззет көрсетип, жақсы кейпият пенен күтип алды.

Ислам дининиң бесинши парызын ада етип келген, жерлеслеримиз қуўанышлы түрде, толып-тасып ҳажылар ушын елимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар, қолайлықлар ушын Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз басшыларына өзлериниң миннетдаршылықларын билдирип, елимиздиң гүллеп-жаснаўы ҳәм тынышлығы ушын дуўалар қылды.

Мәресимге ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 8-24 сентябрь күнлери ҳажыларымызды “Ўзбекистон ҳаво йўллари” МАК самолётларында Жидда-Ташкент, Жидда-Бухара, Жидда-Самарқанд, Жидда-Қаршы, Жидда-Наманган ҳәм де Жидда-Үргениш жөнелислери бойынша Өзбекистанға алып келиў режелестирилген.

Тэглер