Фото

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ.

04 Сентябрь, 2017 1460

Ѳзбекистан мусылманлары идарасына қараслы барлық оқыў орынлары сыяқлы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшы ҳәм талабалары 2017-2018 оқыў жылын 04-сентябрь күнинен баслады.

Дәслеп, усы оқыў жылының ашылыўы бойынша киши жыйналыс ѳткерилди. Жыйналысты Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ш.Бауатдинов кирис сѳзи менен ашты ҳәм кеше ғана мәмлекетимиз бойлап кеңнен белгиленген Қурбан ҳайыты ҳәм мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы менен қутлықлап ѳтти.

Соңынан билим журты бәрше оқытыўшылары ҳәм талабалары қатнасында Биринши Президентимиз Ислам Абдуганиевич Каримовты еслеп "Еслеў сабағы" ҳәм Ғәрезсизлигимиздиң 26-жыллық байрамын билим журты миллий ғәрезсизлик идеясы пәни оқытыўшысы Т.Упаев тәрепинен таярланған слайд ҳәм материаллар тийкарында мазмунлы ѳткерилди.

Екинши парадан баслап билим журты сабақ кестесине муўапық сабақлар даўам етти.

Тэглер