Фото

ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ ҲАЖ ЗИЯРАТЫНА АТЛАНДЫ.

16 Август, 2017 1445

Ҳаж — ислам дининиң бес парызынан бири болып, инсан өмиринде бир мәрте ада етиўи парыз етилген. Ҳаж ибадатын ада етиўши мөмин-мусылман бәрше қәте-кемшиликлерин туўырлап ҳәм гүнә ислерден қайтып, өзин тыйыўы шәрт.

Пайғамбарымыз (с.а.ў) өзиниң мүбәрек ҳәдислеринде: «Кимде ким ҳаж ибадатын толық ада етип, қайтарылған гүнә ислерден өзин сақлаған болса, анасынан жаңа туўылғандай гүналарынан пәк болған ҳалда қайтады», деген. (Имам Бухарий ҳәм Имам Аҳмад раўияты).

Аллаҳқа шексиз шүкирлер айтамыз, елимиз ғәрезсизлиги шарапаты менен ҳаж ҳәм умра зияратына барып-келиў жумыслары да аңсатласты ҳәм қолай шараятлар жаратылды. Елимиз басшысы ҳәм ҳүкиметимиздиң тиккелей ғамхорлығы себепли ҳажыларымыз бәрше қолай шарт-шараятларға ийе болды.

Бул жылы жети мыңнан аслам жерлеслеримиз ҳаж әмелин ада етиў бахтына миясар болмақта, мыңлап пуқараларымыз умра ибадатын ада етпекте. Олардың бул мүбәрек сапарына аман-есен барып келиўи, ибадатларды толық орынлаўы ушын бәрше қолайлықлар жаратылған.

Мине усы жаратылған шараятлардан, имканиятлардан толық пайдаланып, ислам дининиң бесинши парызын ада етиў мақсетинде 13-август күни Қарақалпақстан Республикасынан 150 пуқара Ҳаж зияратына жөнеп кетти. Оларды шығарып салыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы М.Алеуов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ҳәм бир қатар мәкеме, кәрхана басшылары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

И.АЛЛАНОВ.

Тэглер