Өзбекистан мусылманлары басқармасының 2017-жыл 25-апрель күнги 01А/038-санлы буйрығына тийкарланып, ҳәр жыл сайын дәстүрге айланған «Жыл имамы» көрик таңлаўының биринши басқышы Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы бәрше имам-хатиблер қатнасында Нөкис қаласы Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «Жыл имамы — 2017» таңлаўының биринши басқышы болып өтти.
Таңлаўды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов кирис сѳзи менен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бәрше қатнасыўшыларды Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы, сондай-ақ, Қурбан ҳайыты байрамы менен қутлықлап, олардың жумысларында табыслар ҳәм шаңарақларына аманлық тиледи.
Таңлаўға қатнасқан бәрше қатнасыўшылар өзлериниң диний ҳәм дүньялық билимларин, кәсиплик шеберликлерин көрсете билди. Комиссия ағзалары таңлаўға қатнасыўшылардың билимлери, олардың ислеген жумысларын ҳәм ғалаба хабар қуралларындағы шығыўларын ҳәр тәреплеме талықлап, комиссия ағзалары тәрепинен ҳәр бир қатнасыўшыға берилген сораўларға алған жуўапларды үйренип шығып, олардың топлаған балларын инабатқа алып, Төрткүл районы «Ғайып ата» жоме мешити имам-хатиби М.Ходжаев, Әмиўдәрья районы «Қозыбай баба» жоме мешити имам-хатиби Я.Ахмедов, Қоңырат районы «Хаким Сулайман» жоме мешити имам-хатиби Р.Умаров, Қараөзек районы Идрис ийшан жоме мешити имам-хатиби А.Идрисов ҳәм Тахтакөпир районы «Халық» жоме мешити имам-хатиби Б.Надировлар «Жыл имамы — 2017» таңлаўының биринши басқыш жеңимпазлары деп табылды.
ИСЛАМ АЛЛАНОВ
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Мешитлер бѳлими жетекши қәнигеси