Фото

ХАЛҚЫМЫЗ АЎЫРЫН ЖЕҢИЛ ҚЫЛЫЎ - УЛЛЫ ЎАЗЫЙПА

30 Июль, 2017 1637

Бәршемизге белгили, Журтбасшымыз тәрепинен 2017-жыл 3-февральда "Мәҳәлле институтын еледе қәлиплестириў ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПФ-4944-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманды қабыл етиўден тийкарғы мақсет – пуқаралардың ѳзин ѳзи басқарыў уйымлары хызмети нәтийжелигин асырыў, мәҳәлле институтын халыққа ең жақын ҳәм халықшыл дүзилмеге айландырыў, пуқаралар жыйынларының биргеликтеги мәплерин кѳрсетип беретуғын бирлеспеге бирлесиў ҳуқықларын әмелеге асырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәмде мәмлекет органлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен ѳз ара бирге ислесиўди және де раўажландырыўдан ибарат.

Жоқарыдағы ислерди әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Пуқаралардың ѳзин ѳзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы кеңеси қасындағы Шоманай районы жәмәәтшилик бақлаў топары етип Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов етип бириктирилген ҳәм орынларда бул бойынша бир қатар ислер әмелге асырылған.

Усы жылдың июнь айы даўамында топар басшысы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм топар қурамына пуқаралар жыйынлары хизметкерлери жуўапкер сыпатында бириктирилген шѳлкемлер менен биргеликте орынларда үйлерге кирип, олардың машқалаларын үйрениў бойынша тѳмендеги ислерди әмелге асырды.

Район орайындағы "Мәденият" мәҳәлле пуқаралар жыйыны жағдайы барып үйренилди. Бул пуқаралар жыйынында 607 шаңарақта 3329 адам жасап келмекте. Халықтың бәнтлигин тәминлеў бул мәҳәлле пуқаралар жыйынында 7 шаңараққа парник орнатылған ҳәм ҳәзирле бул шаңарақлар ѳз тамарқа жеринен ѳнимли пайдаланып келмекте.

Мәселен "Ўзбекистон" кѳшеси 95-үйде жасаўшы апа Жаббарбергенова Тойдықтың парниги барып кѳрилгенде қыяр, пияз, укроп, памидорлар егип қойылғаны гүўасы болынды. "Ўзбекистон" кѳшесинде жасаўшы Темирбаев Байрамның үйиндеги тамарқасынан ѳнимли пайдаланып атырғаны гүўасы болдық.

Буннан басқа 5 шаңарақ шѳже, 3 шаңарақ қара мал алып, бәнтлиги тәминленгени мәлим болды. Улыўма алғанда Шоманай районында 5 мәҳәлле ҳәм 7 аўыл пуқаралар жыйынларында 7675 шаңарақ бар болып, бул аймақта жасаўшы пуқаралар ѳз алды тамарқа жерлерине дийханшылық қылып, қусшылық пенен шуғылланып, ѳз шаңарағынан артқан ѳнимлерди базарға шығарып сатып, шаңарақ бағып киятырғанының гүўасы болдық.

Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов райондағы "Шоманай" жәмий мешитине барып, ол жерде нураный аталар менен ушырасып, 2017-жыл “Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы"нда инсанлардың дәрти ҳәм машқалалары менен сондай-ақ, мешит әтирапындағы абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты ҳәмде журтымыздың тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын жаратқаннан сорап дуўалар қылды.

2017-жыл "Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы" деп жәрияланды. Әлбетте буның астында үлкен мәни ҳәм мазмун сәўлеленген.

Журтбасымыз Ш.Мирзиёевтың "Инсанлардың дәртин, тәшўишлерин ойлап жасаў-адамыйлықтың ең жоқары мийзаны" уранын дәстүр қылған ҳалда усы жылдың 28-июль күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов тәрепинен Тѳрткѳл районы "Дўстлик" мәҳәлле пуқаралар жыйыны У.Ишманов кѳшеси 1-үйде жасаўшы 1953-жылы туўылған Аҳмедова Аннагул, Тѳрткѳл районы Калтаминор аўыл пуқаралар жыйыны 9-бѳлиминде жасаўшы 1958-жылы туўылған Агаева Уғилжамал Беруний районы Туран мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы 1937-жылы туўылған Усенова Маржан шаңарақларына барып, бул шаңарақлар ийелериниң кѳп жыллардан бери кеселлиги себепли тѳсекке мықланып қалғанлығы себепли оларға нәгиранлар арбасы саўға қылынды.

Ѳз нәўбетинде бул инсанлар бүгинги күнде Журтымыз басшысы тәрепинен биз пуқараларды ойлаған ҳалда алып барып атырған жақсы ҳәм хайырлы ислерин ҳәм ғәрезсизлик байрамы қарсаңында биздей инсанлар ҳалынан хабар алып, жүдә үлкен саўғалар үлескени ушын кѳзине жас алып шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

И.Алланов
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Мешитлер бѳлими баслығы

Тэглер