
Батыс Европадағы Голландияның Ҳаага қаласында жайласқан Ал-Кәўсар мәденият институты тәрепинен шөлкемлестирилген Қурани кәрим курсларында жасы үлкенлер, жас өспиримлер ҳәм балалар ушын өз алдына сабақлар өтиў белгиленген.
Жас үлкенлер ҳәм жас өспиримлер ушын «Ўақеа» сүресин ядлаў ҳәм тафсири үйретилсе, балаларға «Набаъ», «Назиат» ҳәм «Абаса» сүрелериниң тиләўаты үйретиледи ҳәм ядлатылады.
Усы жылдың 1 февралында басланған усы курслардың биринши дәўири 12 апрелге шекем даўам етеди. alcauther.com баспасының хабар бериўинше, сабақлар Ал-Кәўсар мәденият институтының жетик қәнигелери тәрепинен араб ҳәм голланд тиллеринде ҳәр жума күни берип барылады.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети.