Фото

ӘШКАРАЛЫҚ - ТИЙКАРҒЫ МИЙЗАН БОЛДЫ

19 Июль, 2017 1944

Кеше Өзбекистан мусылманлары идарасына қараслы орта арнаўлы билим журтларында кириў имтиҳанлары болып ѳтти.

Абитуриентлер “ѳзбек тили ҳәм әдебияты” пәнинен диктант жазған болса, мәнаўият, шет тили ҳәм тарийх пәнинен тест сораўларында ѳз билимлерин сынаўдан ѳткерди.

Имтиҳанлардың қаншелли әдалатлы ѳткенине гүман туўдырмаслық мақсетинде клейленген арнаўлы қапларда келген имтиҳан темаларын ата-аналар ҳәм басқа бақлаўшылар алдында абитурентлердиң ѳзлери шешип, теманы да ѳзлери таңлады.

Диктантларды абитуриентлерге қәнигели тил ҳәм әдебиятшы оқытыўшылар оқып берди ҳәм нәтийжелерин де олардың ѳзлери тексерди.

Тексериўдиң қалыслығы тѳмендеги тәртипте тәмийинленди. Оқытыўшылар бекитилген аудиторияда диктант оқып келеди. Кейин имтиҳан бетиндеги абитуриенттиң аты фамилиясы, топары жазылған бѳлими алып қалынады ҳәм диктантлардың ҳәммеси бир жерге топланады. Бул жағдайда оқытыўшының қолында тек ғана диктант болады – абитуриент аты фамилиясы, топары яки басқасы, қулласы, абитурент шахсына тийисли ҳеш нәрсе болмайды. Оқытыўшылар топары ҳәмме диктантты тексерип болғаннан соң имтиҳан бетиниң қабы, яғный абитурент аты фамилиясы жазылған бѳлими тарқатылады. Диктантлар оның ишине жайластырылғаннан соң қайсы оқытыўшы қайсы топардан диктант алған болса, ѳзи диктант жаздырған абитурентлерге туўры баҳа қойылғанба яки қойлмағанба, және бир рет қарап шығады. Бул жумысты ақырына жеткергеннен кейин болса қойылған балларды баҳаға айландырып қабыллаў комиссиясына тапсырады.

Тест сораўларының жуўаплары да әне усы тийкарда әдалатлы тәризде тексерилип шығылады.

Абитуриентлерди кѳрген адам олардың ҳәр бириниң имтиҳанларды ағла дәрежеде тапсырып алыўын қәлейди. Себеби жаслардың қәлбиндеги жақсылыққа умытылыў, илимге талпыныў жүзине нур болып кѳринип турғандай сезиледи. Аллаҳ тааладан усындай әжайып жасларымыздың ҳәммесиниң жолын ашып, оларды ѳзлери қәлеген оқыў орынларының талабаларынан қылсын деп дуўаға қол ашып сораймыз.

Тэглер