Нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы мүнәсебети менен 26-июнь күни «Биз нәшебентликке қарсымыз» сүрени астында спорттың киши футбол түринен спорт жарысы өткерилди. Жарысты Кегейли районы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, «Бахытлы» мәкан пуқаралары жыйыны ақсақалы ҳәм «Халқабад» жәмий мешити имам-хатиби өз қутлықлаў сөзлери менен баслап берди. Нәшебентликтиң жаман иллет екенлиги, онқ4 унамсқз ақыбетиниң зияны ҳаққында кен түрде түсиндирип өтти.
Жарыста Кегейли районы «Халқабад» посёлкасында жайласқан спортқа қызығыўшы жаслардан дүзилген жәми (6) алты топар өз-ара күш сынасты. Жарыс халық аралық киши футбол қағыйдасына муўапық өткерилди. Ойынлар тартыслы ҳәм қызықлы болып өтти. Жарыс соңында «Жүзимбағ» аўыл пуқаралары жыйыны командасы сыйлы 1-орынды, «Халкабад» спорт комплекси командасы 2-орынды, 19-санлы мектеп командасы болса 3-орынды ийеледи. Жарыста жеңимпаз болған командаларға «Халкабад» жоме мешити тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары берилди.