Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекистан Республикасын жәнеде раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы ПФ-4947-санлы Пәрманы, Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»на әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасы, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 13-январдағы 10-08/1-999-санлы «Республика байналмилал мәденият орайы шөлкемлестирилгениниң 25 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша баянламасы», сондай-ақ Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ақидапараслық ҳәм миссионерликке қарсы гүресиў, конфессиялар ҳәм миллетлерара бирлик ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў бойынша жумыслардың тәсиршеңлигин асырыў ҳаққында»ғы 2017-жыл 13-январьдағы баянламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде «Елимиздиң тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы — уллы жемис» атамасындағы илимий-әмелий семинар 7-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Академиялық музыкалы Драма театрында болып өтти.
Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.С.Бауатдинов «Миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик» темасында баянат жасады.
Илимий-әмелий семинарға Республика Байналмилал мәденият орайы директоры орынбасары, шайыра — М.Қ.Нурматова, Республика «Жаслар орайы» директоры орынбасары — Ш.Э.Саттаров, Өзбекистан қазақ миллий мәдений орайы баслығы — С.Н.Усенов миллий мәдений орайлар белсендилери, мәмлекет ҳәм жәмәәт шөлкемлери басшылары, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
И.Алланов
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Мешитлер бөлими баслығы