Фото

ПӘТЎАЛАР

08 Июнь, 2017 703

1-ПӘТЎА

Ораза үш түрли болады – парыз, ўәжиб, нәпил. Парыз саналыўшы ораза еки түрли болады анық парыз яғный Рамазан айы оразасы менен кәффарат ушын тутылатуғын ораза ҳәм Рамазан айында үзирли тутылмаған қазасы. Ўәжип ҳәм еки түрли анық нәзрҳәм қашан ҳәмде қаншасы тайын етилмеген нәзр. Қалған оразалар нәпил есапланады.

Ораза тутыўдың ўақты таң атқаннан қуяш батқанша. Сәрлик қылып атырғанда таң атқаны яки атпағанына шубҳа қылса, тез жеп-ишиўин тоқтатады. Егер жеп-ишиўди даўам ете берсе лекин таң атқаннан кейин ҳәм жеп-ишиўи тоқтамағаны анық болмаса оразасы дурыс болады. Егер анықланса бир күнге бир күн қазасын тутады. Кәффарат лазым емес.

“Оламгирия”, “Фатҳул-Қадир”, “Табйин”

Түсиндирме: Бул мәселе тақўим саат кең анық болмаған дәўирлерге туўры келеди. Бырақ бизиң әсиримизде шубҳа қылыўға орын жоқ. Қолында тақўим сааты бола турып анық белгилеп қойылған ўақиттан кейин жеп-ише берсе әлбетте оразасы дурыс емес. Ораза кәффараты бир күнине алпыс күн ораза тутыў яки алпыс мискинди тойдырыў есапланады.


2-ПӘТЎА

Егер еки киси таң атқанына және еки адам таң атпағанына гүўалық бергеннен кейин жеп-ишиўди тоқтатпаған болса кейин әўелги еки кисиниң гәпи рас болса ҳәм қазаны ҳәм кәффаратты өтейди. Егер таң атты дейтуғынлар бир гүўа болса таң атпады деп және бир гүўа айтқаннан кейин жеп-ишсе ҳәм алдыңғи гүўаның гәпи рас болса бир күн ораза қазасы ўәжиб болады. Кәффарат ўәжиб болмайды. Таң атқанына бир гүўаның гәпи толық ҳүжжет бола алмайды.

“Оламгирия”, “Қозихон”


3-ПӘТЎА

Қуяш батты, деп еки киси батқаны жоқ, деп және еки адам гүўалық бергеннен кейин аўызын ашып жиберген ораза тутыўшыға қуяш батпай турып аўыз ашқаны мәлим болса қаза ўәжиб болады. Кәффарат емес.

“Оламгирия”, “Қозихон”


4-ПӘТЎА

Ораза тутыўдың парыз болыў шәртлери – ислам дининде болыўы , ақыл, балағат, ден-саўлық өз мәканында болыў, сапарға шықпаған болыўы, нийет, ҳайз ҳәм нипастан пәк болыўы. Нийет тийкарында қәлби менен болады. Лекин тил менен айтыў сүннет .

“Оламгирия ”, “Кафий”, “Ниҳоя”, “ан-Наҳрул-фоик”


5-ПӘТЎА

Рамазан кешесинде турып сәрлик қылыўдың өзи ораза нийети орнына өтеди. Қәлбине ораза тутыўды келтириў нийетке өтеди. Сәрлик қылған адамның қәлбине өз-өзинен ораза тутыў нийети келген болады. Бизиң мазҳабымызда Ораза айы таўсылғанға шекем ҳәр күни нийет жаңаланып турылади. Нийеттиң ўақыты қуяш батқаннан баслап ертеңги күн қыям (қуяштың тас төбеге келиўи) ўақытына шекем.

“Оламгирия”, “Хулоса”, “Қозихан”

Түсиндирме: соның ушын аўыз ашыў дуўасын оқып атырған ўақытта қәўипсизлик жағынан ертеңги ораза нийетин де қылып қойыў керек. Сәрликке тура алмаса сол нийети жетеди.


6-ПӘТЎА

Рамазан оразасын нәпил нийети яки улыўма ораза нийети менен тутыў мүмкин. Анық нәзр нәпил ораза нийетиниң ҳүкими де усындай лекин сапарда ҳәм аўырыўда тутылған ораза ушын қайсы оразаны нийет қылып атырғанын анықлап тайын қылып қойыў шәрт.

“Мухтасар”, “Оламгирия”, “ал-Жомеъус-сағир”


7-ПӘТЎА

Қаза оразасы кәффарат ушын тутылатуғын ораза, тайын етилмеген нәзр оразасы ушын таң атпастан алдын түнде нийет қылыў шәрт.

“Мухтасар”, “Никоя”, “ас-Сирожул вахххож”


8-ПӘТЎА

Рамазан айы ҳилалды (биринши күни шыққан жаңа айды) жеке өзи көрген адам басқалар буны бийкар етсе де ертеси күннен баслап сол адамға ораза тутыў ўәжиб. Егер тутпаса бир күн қазасын тутып береди. Ҳайт ҳилалын жеке көрген адам да гүўалығы өтпегени ушын ертеси күни де ораза тутады. Егер тутпаса қазасын тутып береди.

“Мухтасар”, “Қозихон”, “Ихтиёр”

Түсиндирме: Ораза ҳилалы ушын да, ҳайыт ҳилалы ушын да кеминде еки ер адам яки бир ер адам менен еки ҳаял адамның гүўалығы зәрүр. Бизиң әсиримизде ҳилалды көрип ораза тутыў ҳәм ҳилалды көрип ҳайтты белгилеў мәселесинде улыўма ислам әлеминиң уламалары иттипақта емес. Кейинги ўақытларда пайда болған заманагөй астрономиялық әсбаплар қуяш, ай есапларын тақўимлер менен жүритиўдиң кең пайда болғанын көпшилик уламалар да заманагөй тақўимлерге мейиллик пайда еткен. Мәселен Саудия Арабстаны мәмлекетинде “рүяти ҳилал”ға тийкарланған ҳәдиси шәрийфке қатты әмел қылыныўы нәтийжесиндеҳәр жылы Рамазан айының биринши күни тақўимде қандай жазылғанына қарамастан жаңа ай ҳилалды көрген гүўалар сўзине тийкарланып мәлим қылынады. Нәтийжеде бизиң мәмлекетимизге қусаған көплеп тақўимге тийкарланған айды белгилеўши мусылманлар үлкелери арасында Саудия менен бирдей емес, бәлки басқа-басқа күнлерде Оразаны баслаў яки ҳайтты мәлим қылыў жағдайлары даўам етип атыр. Ҳәр бир мәмлекет өзиниң климатына қарап ҳилал көриниўин белгилеп өзиниң есап-китабы бойынша ораза ҳәм ҳайыт күнлерин белгилеў жайыз екени “Бадаиус-саная” китабында келтирилген.


9-ПӘТЎА

Рамазан ҳилалын көрип, 29 күн ораза тутқан бир қала халқына бир топар адамлар келип пәлен қала халқы ҳилалды сизлерден бир күн алдын көрипти, усыған көре бүгин Оразаның 30-күни деп айтса олардың гәпине әмел қылынбайды. Ҳилалды олардың өзлери көрген емес, бәлки басқалардың көргенин айтты.

“Қозихон”, “Оламгирия”


10-ПӘТЎА

Рамазан ҳилалын көрместен оразаны баслап, 28-күни шәўўал ҳилалын көрип қалған адамлар шаъбан айы ҳилалын көрип 30 күн есаплаған болса бир күн қаза тутады. Егерде 29-күн шәәўўал ҳилалын көрип қалса қаза лазым емес . Бирақ шаъбан ҳилалын көрместен оны 30 күн есаплап оразаны баслаған болса 2 күн қаза тутады.

“Хулоса”, “Оламгирия”

Тэглер