Фото

БИЛИМ ЖУРТЫНДА ПИТКЕРИЎ КЕШЕСИ - “ХАТМАНА”

25 Май, 2017 1544

Усы жылдың 25-май күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты питкериўши курс талабаларының питкериў “Хатмана” кешеси өткерилди.

Кеше Қуран тиләўаты менен басланды ҳәм кешени Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ш.Бауатдинов кирис сөзи менен ашып берди.

Буннан кейин “Хатмана” кешесин жәнеде пайызлы өтиўи ушын билим журты зийрек ҳәм билимдан талаба жасларынан ибарат “ал-Беруний” командасы тәрепинен таярланған сахналық көринис устаз ҳәм мийманлар нәзерине усынылды.

Соң билим журты тәрепинен таярланған “Ең билимдан талаба”, “Абаданластырыў жумысларында ең белсенди талаба”, “Ең азада талаба”, “Ең әдепли талаба”, “Жәмийетлик жумысларда белсенди қатнасқаны ушын”, “Сабақларға белсене қатнасқаны ушын”, “Ең қолайлы ҳәм азада топар”, “Ең қолайлы ҳәм азада хана”, “Ең тәртипли топар”, “Биз жаслар жат идеяларға қарсымыз – интеллектуал беллесиўин”де белсене қатнасқан”, “Бәркамал әўлад 2017 спорт беллесиўлеринде белсенди қатнасқаны ушын”, “Билим журты «ал-Беруний» командасының билимдан ҳәм зийрек талабалар номинациялары бойынша талабаларға мақтаў жарлығы ҳәм дәрежели дипломлар салтанатлы тәризде тапсырылды.

Хатмана кешесине келген ата-аналар да сөзге шығып перзентлериниң билим алып атырған оқыў орнында жаратылып берилген имканиятлар, қолайлықларды өз заманы менен салыстырып тәрийплеп берди ҳәм тәлим – тәрбия берген Устазларына өз миннетдаршылықларын билдирди.

САЛАМАТ КУДАЙБЕРГЕНОВ
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты оқытыўшысы

Тэглер