Ҳәр оқыў жылында бир мәртебе Өзбекистан мусылманлары идарасына қараслы Ташкент ислам ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары талабалары арасында “Биз жаслар – жат идеяларға қарсымыз” интеллектуал беллесиўи усы жылдың 23-май күни Ташкент қаласы “Ҳадичаи Кубро” ҳаял-қызлар орта арнаўлы ислам билим журтында өткерилди.
Беллесиўди өткериўден мақсет ўатанымыз келешеги болған жасларымызды ақылый бәркамал етип тәрбиялаўдан ибарат. Усы беллесиўде ҳәр бир билим журтынан келген талабалар үш шәрт бойынша өз билимлерин сынаўдан өткерди.
Қызықлы ҳәм мазмунлы өткен беллесиў нәтийжелерине муўапық сыйлы биринши орынды Нөкис қаласындағы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты, екинши орынды Наманган ўәлаятындағы “Ҳидоя” орта арнаўлы ислам билим журты ҳәм үшинши орынды Хорезм ўәлаяты “Фахриддин ар-Розий” орта арнаўлы ислам билим журты талабалары қолға киритти.
САЛАМАТ КУДАЙБЕРГЕНОВ
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты оқытыўшысы