Өзбекистан Республикасының ҳүрметли Биринши Президенти Ислам Каримов: “Саламат әўлад дегенде, биз тек ғана физикалық жақтан шыныққан перзентлерди емес, ал мәнаўий жақтан бай әўладты нәзерде тутқанбыз” деген еди.
Ҳақыйқатында да, бүгин бул билим дәргайына келген талаба жасларымыз тек ғана физикалық жақтан бәркамал емес, ал мәнаўий жетилискен, илимге, ағартыўшылыққа талапшаң жаслар есапланады.
Бәршелеримизге аян, бир нешше жыллардан берли Өзбекистан мусылманлары басқармасына қараслы билим дәргайлары талабалары арасында “Бәркамал әўлад” спорт беллесиўлери өткерилип келинбекте.
Усы жылдың 17-18-май күнлери аралығында Нөкис қаласында жайласқан Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында “Бәркамал әўлад 2017” спорт беллесиўи Республика басқышы өткерилди.
Өткерилип атырған бул иләж билим журты 3-курс талабасы Н.Пирхонов тәрепинен оқып берилген Қуран тилаўаты менен басланды.
Иләжды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Шамсуддин Баҳауддинов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм беллесиў қатнасыўшыларына Аллаҳ тааладан әўмет яр болыўын сорап дуўалар қылды.
Сондай-ақ, иләжда Дин ислери бойынша комитети С.Шерхонов, Өзбекистан мусылманлары басқармасы баслығы А.Дўстматов, Қарақалпақстан Республикасы Дене-тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети баслығы Ғ.Байниязовлар сөзге шығып, беллесиў қатнасыўшыларын қутлықлап өтти.
Бул спорт беллесиўине Өзбекистан мусылманалры басқармасына қараслы ислам билим дәргайлары ул-бала талабалары спорттың төрт яғный шахмат, стол тенниси, тас көтериў ҳәм миллий гүрес түрлери бойынша ҳәм ҳаял-қыз талабалар болса спорттың еки жөнелиси яғный шахмат ҳәм стол теннис түрлери бойынша өз-ара беллесиўлер алып барды.
Жарыс жуўмақларына көре, қыз балалар арасындағы шахмат беллесиўинде 3-орынды Жойбари Калан орта арнаўлы ислам билим журты 2-курс талабасы Қадирқулова Рисалат, 2-орынды Хадичаи Кубра орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Маннапова Рабия, 1-орынды Ташкент ислам институты 2-курс талабасы Акбарова Хавасхон ийеледи.
Қыз балалар арасындағы стол тенниси беллесиўинде 3-орында Ташкент ислам институты 2-курс талабасы Маҳамедова Гулруҳ, 2-орынды Жойбари калан орта арнаўлы ислам билим журты 2-курс талабасы Наимова Зиннура, 1-орынды Хадичаи Кубра орта арнаўлы ислам билим журты 2-курс талабасы Мырзаева Муаттар ийеледи.
Ул балалар арасында шахмат бойынша 3-орынды Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта аранўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Нызаматдинов Төлеген, 2-орынды Ҳидая орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Алтынбаев Раҳматулла, 1-орынды Мир Араб орта аранўлы ислам билим журты 2-курс талабасы Ахунов Бабур ийеледи.
Стол тенниси бойынша 3-орынды Ташкент ислам институты 4-курс талабасы Халбаев Ғуламжан, 2-орынды Ҳидая орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Умаров Абдулҳамид, 1-орынды Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы Аметниязов Ильяс ийеледи.
Тас көтериў бойынша 3-орынды мир Араб орта аранўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Халиқов Бахтияр, 2-орынды Муҳаммад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Тлеўбаев Рахимжан, 1-орынды Ташкент ислам институты 3-курс талабасы Нызаматдинов Есенгелди ийеледи.
Гүрес бойынша 3-орынды Ҳидая орта арнаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы Мырзараҳматов Акмалхан, 2-орынды Муҳаммад ал Беруний орта анаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы Мырзабаев Байрамбай, 1-орынды Хожа Бухарый орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы Ҳамидос уралхан ийеледи.
Жарыстың улыўма жуўмағына көре, 3-орынды Ташкент ислам институты ҳәм Мир Араб орта арнаўлы ислам билим журты ийеледи. 2-орынды Ҳидая орта арнаўлы ислам билим журты ийеледи. 1-орынды Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты ийеледи.
САЛАМАТ КУДАЙБЕРГЕНОВ
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты оқытыўшысы