Фото

“Саламатлық жолында” кросс акциясында билим журты талабалары да қатнасты

29 Апрель, 2017 1732

Өзбекистан Республикасы Кәсиплик аўқамлары Федерациясының басламасы менен республиканың барлық аймақларында, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында да 29-апрель күни «Саламатлық жолында» ураны астында кросс беллесиўлери болып өтти.

Беллесиўлер Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесинде азанғы саат 8:00 де старт алып, оған Қарақалпақстанның барлық регионларындағы мәкеме, кәрхана, шөлкем хызметкерлери, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы және студент-жаслары солар ишинде Нөкис қаласында жайласқан Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 2-курс талабасы да қатнасты.

Кросс беллесиўлери жас категориясы бойынша, яғный 18-30, 30-45 ҳәм 45 жастан жоқары болған қатнасыўшылар арасында өткерилди.

Қызғын даўам еткен спорт нәтийжесине муўапық Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 2-курс талабасы Юсупов Илҳам сыйлы 2-орынға миясар деп табылды ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Дерек: www.karinform.uz

Тэглер