Фото

Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылына бағышланған жыйналыс

04 Май, 2017 1772

Усы жылдың 3-май күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы барлық район (қала) мешитлери имам-хатиб, имам-найып ҳәм мутаўаллилери қатнасында жыйналыс өткерилди. Жыйналысты Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳоуддинов кирис сөзи менен ашты ҳәм күн тәртиби менен таныстырды.

Өткерилген бул жыйналыс 2017-жыл «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»на бағышланған болып, онда биринши шерек даўамында исленген жумыслар анализ қылынды.

Өткерилген жыйналыс барысында бүгүнги күнде диний тараў хызметкерлерине тийисли болған мәселелер, жетискенликлеримиз бенен бирге кемшиликлеримиз де бар екенлиги, биринши шерек даўамында исленген жумыслар, имам-хатиблер белсендилигин еледе асырыў, олардың жергиликли ғалаба хабар қуралларында руўхый-ағартыўшылық шығыўларын жеделлестириў, әсиресе жаслардың интернеттен туўры пайдаланыў, имам-хатиблердиң өз аймақларында халықтың күнделикли турмысы менен жақыннан танысыў, машқалаларын орында үйренип шығыў, профилактик сәўбетлесиўлерди күшейтиў, сондай-ақ, мешитлерди бақлаў камераларының турақлы ислеўи, мешит әтирапын дийўал менен ораў, мешит китапхана фондын байытыў, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына турақлы әмел қылыў, мүбәрек Рамазан айына таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мешит жумыс барысын еледе қәлиплестириў мақсетинде бас имам-хатиблер менен айына бир мәртебе жыйналыс өткериў ҳәм өз жумысында жуўапкершиликке жол қойған имам-хатиблерге алдағы ўақытларда қәтелерин дүзетиў ҳәм имам деген атқа мүнәсип болыў кереклиги ҳаққында айтылды, сондай-ақ бир қанша көрсетпелер берилди.

Жыйналыс барысында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳуқықтаныўшысы, қадағалаў комиссиясы баслығы лаўазымында ислеген Қаржаўбай Иманалиевтың көп жыллық мийнетлерин есапқа алып ҳәм өзиниң қәлеўи менен нураный хызметкер сыпатында қазыят жанындағы кәсиплик аўқам баслығы ўазыйпасын салтанатлы тәризде тапсырды ҳәм қазыят тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлығланды.

Тэглер