Фото

Республика “Қарыйлар беллесиўи” нәтийжелери

27 Апрель, 2017 1634

Мәнаўий жаңаланыўлар жолынан жедел қәдем таслап баратырған журтымызда муқәддес динимизге айрықша итибар бериле баслады. Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын, жәмийетимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислер мәмлекетимиз мусылманлары турмысында да үлкен бурылысларға себеп болды. Республикамыз халықаралық майданда өз орнын тапты. Ҳәр жылы түрли мәмлекетлерде өткерилетуғын Халықарарлық Қуран беллесиўлеринде диярымыздан жетилисип шығып атырған қарыйларымыз да қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

2017-жыл 26-апрель күни Ташкент қаласындағы “Хожа Аламбардор” жәмий мешитинде Өзбекистан мусылманлары идарасына қараслы Ташкент ислам институты, Ислам университети ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары талабалары қатнасында “Қарыйлар беллесиўи” таңлаўының Республика басқышы өткерилди.

Турақлы түрде өткерилип киятырған бундай таңлаў жасларымыздың Қураны кәриймди оқып үйрениў, ядлаў, тыңлаў ҳәм де тәжўид қағыйдаларын еледе пухта үйрениўге болған меҳир-мухаббатының асыўына себеп болмақта.

Қураны кәриймди ядлаған зийрек талабаларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў, олардағы айрықша қәбилетти жәнеде раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген “Қарыйлар беллесиўи”ниң Республика басқышы еки жөнелисте өткерилди. Бириншиси жөнелис мураттаб қарыйлар, екинши жөнелис мужаўўид қарыйлар ортасында өткерилди.

Таңлаў нәтийжелери төмендегише болды:

Мураттаб қарый жигитлерден:

  • 1-жоқары орынға 477 балл менен Ташкент ислам институты талабасы Раҳмонберди Абдулазиз қарый;
  • 1-орынға 475.5 балл менен Саййид Муҳиддин Махдум медресеси талабасы Абдумаликов Сирожиддин қарый;
  • 2-орынға 467.5 балл менен Кўкалдош медресеси талабасы Абдумаликов Низомиддин қарый;
  • 3-орынға Мир Араб медресеси талабасы Мирбобоев Мираббос;

Мужаўўид қарый жигитлерден:

  • 1-орынға Фахриддин ар-Розий медресеси талабасы Ҳомидов Муҳаммадюсуф;
  • 2-орынға Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресеси талабасы Пирхонов Насибиллоҳ қарый;
  • 3-орынға Мир Араб медресеси талабасы Аҳмаджонов Қодирали;

Мураттаб қарый қызларынан:

  • 1-орынға Хадичаи Кубро медресеси талабасы Исҳоқжонова Муҳсина;
  • 2-орынға Ташкент ислам институты талабасы Нурматова Шоҳистахон;
  • 3-орынға Жўйбори Калон медресеси талабасы Яҳёева Шаҳноза;

Мужаўўид қарый қызларынан:

  • 1-жоқары орынға Ташкент ислам институти талабаси Нажмиддинова Робия;
  • 1-орынға Хадичаи Кубро медресеси талабасы Умаралиева Дилнозахон;
  • 2-орынға Жўйбори Калон медресеси талабасы Ўринова Лутфия;
  • 3-орынға Ташкент ислам университети талабасы Жалолиддинова Маҳфуза мүнасип деп табылды.

Таңлаў жеңимпазларына Өзбекистан мусылманлары идарасы ҳәмде қәўендерлер тәрепинен шөлкемлестирилген диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Дерек: muslim.uz

Тэглер