Усы жылды Президентмиз Ш.Мирзиёев тәрепинен “Халқ пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы” деп белгилениўи мүнәсибети менен Имам Бухарый атындағы Ташкент ислам институти Таҳфизул-Қуран кафедрасы директоры, Ташкент қаласы “Новза” жәмий мешити имам-хатиби Ж.Ҳамрақулов ҳәм Ташкент қаласы “Насирхон” жәмий мешити имам-хатиби Ж. Раупов 2017 жыл 21 февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында устазлар билим журты оқытыўшы ҳәм талабалары қатнасында устазларға ҳүрмет, тынышлығымыздың қәдирине жетиў, илим алыўдың пазыйлети ҳәм жуўапкершилиги, усы үйренген илимлеримиз ҳәм алған билимлеримизди келешекте Ўатанымыздың раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосатуғын перзентлер болып жетисиўлери ҳаққында Қуран ҳәм ҳәдийслерден дәлийллер келтирди.
Буннан соң мийман устазларымыз билим журтында талабаларымыз ушын жаратылып берилген имкәниятлар ҳәм қолайлықлар менен жақыннан танысып шықты.
САЛАМАТ КУДАЙБЕРГЕНОВ
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты оқытыўшысы