Фото

Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы мүнәсибети менен ушырасыў

20 Апрель, 2017 1841

Бүгинги күнде жасларымыздың тыянақлы билим алыўлары ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар қолай имканиятлдар есиги ашып берилген. Ғәрезсизлигимиз шарапаты менен диний қәдириятларымыз қайта тикленип, жасларымыз диний ҳәм дүньялық билимлерди ийелеўге имканиятлар жаратылды.

Бул өз нәўбетинде журтымызда диний кадрларға болған мүтәжликти орнын басып келмекте. Бүгинги күнге келип Өзбекистан мусылманлары идарасына қараслы бир жоқары ҳәмде тоғыз орта арнаўлы ислам билим журты дәргәйларында талабаларымыз тәжирийбели устазлардан турақлы түрде сабақ алып келмекте. Орта арнаўлы ислам билим журтын тамамлаған талабаларымыз Өзбекистан мусылманлары идарасы баслығының буйрығы тийкарында жумысқа жайласыў имканиятына ийе болмақта.

2017-жыл “Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы” мүнәсибети менен Өзбекистан мусылманлары идарасы Мешитлер бөлими баслығы М.Қаюмов 2017-жылдың 17-март күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ш.Бауатдинов кирис сөзи менен баслап берди.

Ушырасыў даўамында Өзбекистан мусылманлары идарасы Мешитлер бөлими баслығы М.Қаюмов сөз алып дәслеп Өзбекистан мусылманлары идарасы баслығы, муфтий У.Алимов ҳәзретлериниң Наврыз байрамы қутлықлаўын жеткерди ҳәм талабаларымызға илим алыў пазыйлетлери, туўры кәсип-өнер ийелеўиниң әҳмийети, сабырлылық пенен илим ийелеў арқалы инсан әзийз болыў мәртебесине ерисиў, ҳәр бир исти мақсет қылып оны орынлаўға шын кеўилден ҳәрекет қылыў арқалы динимизге, халқымызға ҳәм жанажан Ўатанымызға мүнәсип хызмет қылатуғын перзентлер болып жетисиў кереклиги ҳаққында кеңирек айтып өтти.

Соң билим журты 4-курс талабалары менен жумысқа орналасыў (тақсимот) бойынша сәўбет алып барды. Ушырасыў мазмунлы ҳәм қызықлы өткерилди.

САЛАМАТ КУДАЙБЕРГЕНОВ
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты оқытыўшысы

Тэглер