Ғәрезсизлик себепли елимиз турмысының бәрше тараўларының раўажланыўына айрықша итибар берилди. Бүгин қайсы тараўға қарамайық онда унамлы жаңаланыўлар, үлкен өзгерислердиң жемисин көриў мүмкин. Солар менен бир қатарда диний тараўға да ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан-ақ жүдә үлкен итибар қаратылып келинбекте. Буның мысалы ретинде бас нызымымыз саналған Конституциямызда да өз сәўлесин тапқан, буннан тысқары Өзбекистан Республикасы Биринши Президенти болған И. Каримовтың пәрманларына муўапық мине, бир неше жыллардан бери Қурбан ҳәм Рамазан ҳайыт байрамларын ең тийкарғысы болған ата-бабаларымызныан ата-бабаларымыздың әзелий арзыўына айланған мүбәрек ҳаж зыяраты да емин-еркинликте атқарып келинбекте. Булардың ҳәммеси ғәрезсизликтиң бизге берген үлкен имканияты ҳәм Аллаҳ тааланы таланы бизге берген инаяты деп билемиз.
Усы тийкарда Ўзбекистан мусылманлары басқармасының 2016-жыл төртинши шерекке мөлшерленген ис режесине муўапық, усы жылдың 29-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары арасында «Диний тараўда ғәрезсизлик жылларында ерисилген табысларды жарытып бериўши қуўнақлар ҳәм зийреклер (КВН)» жарысы өткизилди.
Таңлаўды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Баҳауддинов Шамсуддин кирис сөзи менен ашып берди ҳәм қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.
Таңлаўда билим журты 1-курс талабаларының «Ниҳол» топары,2-курс талабаларының «Жигитлер» топары, 3-курс талабаларының «Қуўнақ талабалар» топары ҳәм 4-курс талабаларының «Беруний әўладлары» тапарлары қатнасты. Олар төрт шәрт бойынша өз-ара беллести.
Көрик таңлаўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлектлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан келген билим журты саатпай оқытыўшылары, билим журты руўхый ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары ҳәм билим журты оқытыўшыларынан ибарат бес адам төрешилер қурамы дүзилип, жарыста төрешилик қылды.
Биринши шәрт сәлемнама болып, онда топарлар өзлериниң топарының атын, оған берилген тәрип ҳәм тпар ағзалары ҳаққында қысқа мағлыўмат берип өтти.
Екинши шәртте ҳәр бир тоапр «Сиз билесиз бе?» темасында «Интернетдаги таҳдидлардан ҳимоя» китабы тийкарында таярланған сораўлар бойынша беллести.
Үшинши шәртте топарлар тәрепинен таярланған ғәресизлик жылларындағы жетискенликлерди жарытып бериўши баннерлер, фото-видео слайд, плакатлар, қосықлар, баянатлар менен қатнасты.
Төртинши шәртте топарлар Үйге тапсырма қылып берилген «Динниң жаслар турмысындағы тутқан орны» темасы арқалы әжайып сахналық көринислерин қатнасыўларға инам етти.
Беллесиў нәтийжелерине көре биринши дәрежели диплом менен 2-курс талабаларының «Жигитлер» топары, «Жигитлер» топары, екинши дәрежели диплом менен 1-курс талабаларының «Ниҳол» топары, үшинши дәрежели диплом менен 3-курс талабаларының «Қуўнақ талабалар» топары ҳәм «Ең белсенди қатнасқан топар» номинация бойынша 4-курс талабаларының «Беруний әўладлары» топары деп таўылды ҳәм билим журты тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.