Фото

ФИҚҲ ИЛИМИНИҢ ШЫНЖЫРЫ

24 Ноябрь, 2026 32

Имам Ҳаскафий «Дуррул мухтар» шығармасының кирисиўинде төмендеги сөзлерди жазған: «Фиқҳты Абдуллаҳ ибн Масъуд екти, оны Алқама суўғарды, Ибраҳим Нахаъий оны орды, Ҳәммәд оның дәнин ажыратты, Әбиў Ҳанийфа оны ун қылды, Әбиў Юсуф оннан қамыр ийледи ҳәм Муҳаммад (ибн Ҳасан Шайбаний) оннан нан жапты. Қалған барлық инсанлар болса мине усы нанды жеп атыр».

Еккен адам:

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу – Куфа илимий мектебиниң тийкарын салған уллы саҳаба. Фиқҳтың дәслепки тийкарларын ҳәм ҳүкимлерин текстлерден излеў (усылларының) пундаментин қойған.

Суўғарған адам:

Алқама ибн Қайс – Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудың ең ағла тәбеийн шәкирти. Устазының илимин сақлап, раўажландырған.

Ҳасылды орған адам:

Ибраҳим Нахаъий – Алқаманың шәкирти. Фиқҳ мәселелерин бир системаға сала баслаған уллы тәбеийн.

Дәнин ажыратқан адам:

Ҳәммәд ибн Сулайман – Ибраҳим Нахаъийдиң шәкирти ҳәм Имам Әбиў Ҳанийфаның бас устазы.

Ун қылған адам:

Имам Аъзам Әбиў Ҳанийфа - дәннен ун таярлағандай, фиқҳты қағыйдаларға салып, мәзҳаб түринде системаластырған уллы мүжтәҳид.

Қамыр ийлеген адам:

Имам Әбиў Юсуф – Әбиў Ҳанийфаның бас шәкирти. Мәзҳаб қәделерин турмысқа, қазылық системасына енгизген алым.

Нан жапқан адам:

Имам Муҳаммад ибн Шәйбаний – Фиқҳты китапларға жазып (Заҳирур-риўая китаплары арқалы), таяр «желинетуғын нан» ҳалына келтирип пүткил үмметке усынған.

Пайдаланылған дереклер ҳәм әдебиятлар:

Имам Бухарий атындағы Ташкент ислам институты телеграм каналы https://t.me/oliymahad

Имам Ҳаскафий «Дуррул мухтар» шығармасы

Баймуратов Рахим, Шымбай районы, «Хан» мешити найып-имам.

Тэглер