Фото

УСТАЗ – ОЛ КИМ?

01 Октябрь, 2026 159

Устаз – бул араб тилинен алынған сөз болып инсанға илим, билим, әдеп ҳәм тәрбия беретуғын, оның мәнәўий ҳәм ақылый кәмиллигине қарай жол көрсететуғын инсан болып есапланады.

Устаз дегенде, биринши гезекте, илимли, билгенин басқаларға үйрететуғын, шәкиртлериниң тек ғана ақылын емес, қулықын ҳәм қәлбин де тәрбиялайтуғын инсан көз алдымызға келеди.

Устазды төмендегише тәрийиплеў мүмкин:

  • Ол – өз тараўын жақсы биледи ҳәм бәрқулла илим үйрениўди даўам етеди. Илим үйрениўден ҳасла тоқтамайды.
  • Ол – шәкиртке тек ғана мағлыўмат емес, әдеп-икрамлықты ҳәм тәрбияны да үйретеди.
  • Ол – өзи үйретип атырған нәрселерин әмелде де көрсетеди. Яғный, өзи биринши өрнек алынатуғын инсан.
  • Ол – ҳәр бир шәкиртиниң қәбилети ҳәм түсиниў дәрежесин итибарға алатуғын сабырлы инсан.
  • Ол – шәкиртиниң жеңисинен қуўанады, кемшилигин дүзетиўге жәрдем береди.
  • Ол – шәкиртлерине тек бүгинги сабақты емес, келешек турмысты да үйретеди…

Устаз ҳаққында тәрийиплерди дизип шығатуғын болсақ еле де даўам ете береди.

Устазлыққа мысал етип көрсететуғын болсақ, ең биринши гезекте Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды көрсетиўимиз мүмкин. Имам Ибн Мажа раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссәләм: «Мен муғәллим қылып жиберилдим», деген.

Қураны кәриймде Аллаҳ таала айтады:

«Аллаҳ сизлерден ийман келтиргенлердиң ҳәм илим берилгенлерди (бәлент) дәреже (мәртебе)лерге көтереди» (Мужадала сүреси, 11-аят).

«Сен: «Билетуғынлар менен билмейтуғынлар тең бола ма?!» – деп айт» (Зумар сүреси, 9-аят).

«Егер билмейтуғын болсаңыз, зикир әҳлинен сораң!» (Наҳл сүреси, 43-аят).

Қуранда «устаз», «муғәллим» сөзи тап усы көринисте келмеген болсада, олардың мәнисин беретуғын, устаз ҳәм муғәллимлердиң тәрийиплери көринисинде келген бул аятлар олардың қәншелли уллы дәрежели инсанлар екенин көрсетеди.

Шымбай районы «Хан» мешити найып-имамы Баймуратов Рахим таярлады.

Тэглер

Сергеклик