Аллаҳ таала инсанды барлық жаратылыстың ишинде ҳүрметлиси, яғный уллысы қылып жаратты, оған ақыл, сана ҳәм денсаўлық сыяқлы теңи жоқ неъматларды инам етти. Соның ушын Ислам дини инсанның өмири, ақылы ҳәм денсаўлығын сақлаўды қорғаўды шәрияттың ең тийкарғы мақсетлеринен бири деп белгилеген. Инсанның ақылын күшсизлендиретуғын, санасын жоқ қылатуғын ҳәм денсаўлығына зыян жеткеретуғын ҳәр қандай нәрсе Исламда қатты қараланған ҳәм оннан қайтарылған. Нәшебентлик әне сондай аўыр иллетлерден бири болып, ол инсанды тек ғана физикалық ҳәм руўхый жақтан емес, бәлким мәнәўий тәрептен де өлимге алып барады. Қураны кәриймде Аллаҳ таала айтады:
«Өз қолларыңыз бенен (өзлериңизди) өлтирмең» (Бақара сүреси, 195-аят).
Бул аят инсан өз саламатлығы ҳәм өмирине қас қылыўдан қайтарылыўын аңлатады. Нәшебентлик нәрселерди пайдаланыў болса инсанды әсте-ақырын өлимге алып барады.
Және бир аятта Аллаҳ таала мынандай дейди:
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей утысқа ериссеңиз» (Маида сүреси, 90-аят).
Аятта хамр (мәс қылыўшы ишимлик) ҳаққында сөз жүритилген болса да, уламалар мәс қылыўшы ҳәм ақылды жойыўшы барлық нәрселер, сол тийкардан нәшебентлик нәрселер де сол ҳүкимге кириўин атап өткен.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳәр бир мәс қылыўшы нәрсе хамр, ҳәр бир мәс қылыўшы нәрсе ҳарам», деген (Имам Мүслим рәўияты).
Жәбир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған және бир ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Көби мәс қылатуғын нәрсениң азы да ҳарам» (Имам Әбиў Даўыд ҳәм Термизий рәўияты).
Бул ҳәдислер нәшебентлик нәрселердиң ҳәр қандай көриниси ҳәм муғдары мусылман адам ушын қадаған етилгенин аңлатады. Ислам уламалары шәрияттың бес тийкарғы мақсетлеринен ақылды қорғаў екенин атап өтеди. Нәшебентлик нәрселер болса инсан ақылын истен шығарады, оның пикирлеў қәбилетин пәсейтеди, жақсы менен жаманды ажыратыў қәсийетин күшсизлендиреди. Нәтийжеде, инсан ибадаттан, ҳадал мийнеттен ҳәм жақсы әмеллерден узақласады. Нәшебентликтиң зыяны тек ғана оны пайдаланатуғын адам менен шекленип қалмайды. Бул иллет шаңарақ тынышлығын бузады, перзентлер тәрбиясына унамсыз тәсир көрсетеди, жынаятшылықтың көбейиўине ҳәм ҳәр қыйлы социяллық машқалалардың келип шығыўына себеп болады. Көплеген шаңарақлар усы нәшебентлик себепли ўайран болған, қанша адамлар мақсет-нийетлерине жетисе алмаған.
Убада ибн Сомит разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Өзине де, өзгеге де зыян жеткериў жоқ» (Имам Ибн Мажа рәўияты).
Нәшебентлик болса инсанның өзине де, шаңарағына да, жәмийетке де үлкен зыян жеткереди.
Жасларды нәшебентликтен сақлаўда ең баста шаңарақтың орны биринши орында турады. Ата-аналар перзентлерине саламат турмыс тәризин сиңдириўи, олардың дослары ҳәм бос ўақтын бақлаўға алыўы ҳәм мәнәўий-руўхый тәрбиясына итибар қаратыўы керек. Және ата-аналардың өзлери де бундай иллетлердиң ҳәр қандай көринисинен аўлақ болып перзентлерге үлги көрсетиўи лазым. Сондай-ақ, тәлим-тәрбия бериў орынлары, мәҳәлле ҳәм кең жәмийетшилик те бул жөнинде аўызбиршилик пенен жумыс алып барыўы зәрүр.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, нәшебентлик – бул тек ғана жаман әдет емес, бәлким инсанның ақылы, денсаўлығы, шаңарағы ҳәм келешегин жемиретуғын апат. Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде инсанға зыян жеткеретуғын ҳәр қандай нәрселерден қатаң қайтарылған. Соның ушын ҳәр бир мусылман адам Аллаҳ берген денсаўлық неъматын асырап-абайлаўы, нәшебентлик сыяқлы өлимшил иллетлерден узақ болыўы ҳәм дөгерегиндегилерге де бул нәрселерден сақ болыўын ескертиўи лазым.
Шымбай районы, «Хан» жәме мешити найып-имамы Баймуратов Рахим таярлады.