Фото

ҚУРБАНЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА УЛЫЎМАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР

23 Май, 2026 269

Аннотация: Усы мақалада қурбанлық ибадатының мазмун-мәниси, тарийхы ҳәм Ислам шәриятында тутқан орны ҳаққында улыўмалық мағлыўматлар баян етилген. Мақалада қурбанлық ибадатының енгизилиўи, қурбанлық ушын сойылатуғын ҳайўанларға қойылатуғын шәрий талаплар, нуқсаны бар ҳайўанларды қурбанлық қылыў ҳүкимлери, қурбанлық гөшин бөлистириў тәртиплери ҳәм де қурбанлық сойылатуғын ўақытлар ҳаққында мағлыўматлар келтирилген. Сондай-ақ, қурбанлық қылыў кимлерге ўәжиб болыўы ҳәм шерикшилик тийкарында қурбанлық қылыў мәселелери де ашып берилген. Мақала қурбанлық ибадатының диний, мәнәўий ҳәм социяллық әҳмийетин түсиндириўге қаратылған.

Гилт сөзлер: қурбанлық, Қурбан ҳайыты, Ислам шәрияты, ибадат, тақўа, қурбанлық ҳүкимлери, қурбанлық ҳайўанлары, нуқсанлы ҳайўан, қурбанлық гөши, шерикшилик, Ибраҳим алайҳиссәләм, Исмайыл алайҳиссәләм, шәрият қәделери, мусылман жәмийети, Ислам тарийхы,

Кирисиў

Инсаният тарийхы даўамында Аллаҳ таалаға жақынласыў, Оның разылығын табыў ҳәм шүкирлигин бежериў мақсетинде ҳәр қыйлы ибадатлар әмелге асырылған. Әне сондай уллы ибадатлардан бири қурбанлық ибадаты болып табылады. Қурбанлық ибадаты тек ғана Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алып келген Ислам дининде емес, алдынғы пайғамбарлардың динлеринде де бар еди. Бул ибадат инсанның Аллаҳға болған муҳаббаты, тақўасы ҳәм итаатының әмелий көриниси болып есапланады.

Қурбанлық сөзи араб тилиндеги «қурб» түбиринен алынған болып, «жақынласыў» деген мәнини билдиреди. Демек, қурбанлық қылыў арқалы инсан Аллаҳ таалаға жақынласыўды мақсет етеди.

Шәриятта болса, қурбанлық арнаўлы күнлерде белгиленген шәртлерге ийе ҳайўанды Аллаҳтың разылығы ушын сойыў болып табылады. Ислам уламалары қурбанлықты қаржылық ибадатлардың қатарына киргизген. Ол тек ғана ибадат болып қалмай, меҳир-ақыбет, сақаўат ҳәм социяллық аўызбиршиликтиң де дереги болып есапланады.

Қураны кәриймде мынандай делинеди:

«Аллаҳға олардың (қурбанлықтың) гөшлери де, қанлары да жетип бармайды. Бирақ, Оған сизлерден тақўа жетеди» (Ҳаж сүреси, 37-аят).

Усы аят қурбанлық ибадатының мағанасын терең баян етеди. Яғный Аллаҳ таалаға қурбанлық қылынған ҳайўанның гөши яки қаны емес, қурбанлық қылыўшы бендениң қәлбиндеги тақўа, ықлас ҳәм Аллаҳға болған садықлығы жетип барады. Демек, қурбанлық сыртқы әмелден көре, ишки руўҳый жағдайдың көриниси.

Қурбанлық ибадатының тарийхы

Ислам дининде қурбанлық ибадаты Қурбан ҳайыты күнлеринде әмелге асырылатуғын уллы ибадатлардан бири болып, оның тарийхы Ибраҳим алайҳиссәләм ҳәм оның баласы Исмайыл алайҳиссәләмнан басланады. Бул еки инсан Аллаҳ тааланың уллы пайғамбарларынан болып, итаат ҳәм Аллаҳға бойсыныўдың үлгиси сыпатында танылған.

Ибраҳим алайҳиссәләм жасы тәўирақ өтип қалғаннан кейин барып перзентли болады. Кейин Аллаҳ таала ол перзентин де Өзи ушын қурбанлық қылыўға буйырады. Бул ўақыя Қураны кәриймде мынандай болып келеди:

«Кейин биз оған бир жуўас улдың хош хабарын бердик. Соң қашан ол оның өзи менен бирге жүретуғын болғанда: «Ҳәй балам! Мен түсимде сени сойып атырғанымды көрип атырман. Енди сен қандай пикир етиўиңди бир (ойлап) көр?» – деген еди, ол: «Ҳәй әке! Сизге буйырылған исти қылың! Иншааллаҳ, мени сабыр етиўшилерден табасыз», – деди. Кейин екеўи бойсынды ҳәм оны (баласы Исмайылды) маңлайы менен жатқызған еди, биз оған нида қылдық: «Ҳәй Ибраҳим! Ҳақыйқатында да, сен түсти тастыйықладың! Әлбетте, биз ийгиликли ис қылыўшыларды, мине, усылай сыйлықлаймыз». Әлбетте, бул анық сынақтың өзи еди. Биз оның орнына үлкен қурбанлықты алмастырдық» (Соффат сүреси, 101 – 107 – аятлар).

Ибраҳим алайҳиссәләм түсинде баласы Ибраҳимди сойып атырғанын көреди. Пайғамбарлардың түси рас, Раҳманий түс болғаны ушын, бул түс баласын қурбанлық қылыў ушын болған буйрық, ўаҳий еди. Ибраҳим алайҳиссәләм да, Исмайыл алаҳиссәләм да бул буйрыққа бойсынды. Ибраҳим алайҳиссәләм баласын енди қурбанлық қылыў ушын сояман дегенинде Аллаҳ таала Ибраҳимге нида қылып, қурбанлығы қабыл етилгенин, ол Аллаҳға ҳақыйқый итаат етиўшилерден екенин айтады ҳәм Исмайылдың орнына жәннеттен үлкен бир қошқарды инам етеди. Бул ўақыялар Мәккә қаласындағы ҳәзирги Мина деген жерде болып өткен. Ҳәр жылы ҳажылар усы жерде қурбанлық ушын ҳайўанларын сояды.

Қурбанлық ибадатының Ислам шәриятына енгизилиўи

Қурбанлық ибадаты ҳижрий екинши жылы шәриятқа енгизилген. Қураны кәриймдеги төмендеги аятты муфассирлер қурбанлықтың ўәжиб екенине дәлалат қылады дейди:

«Солай екен, Рәббиңе намаз оқы ҳәм жанлық сой» (Кәўсар сүреси, 2-аят).

Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Қурбан ҳайыты күни адам қан шығарыўдан көре Аллаҳға сүйиклирек ис қыла алмайды. Әлбетте, ол ҳайўанлар Қыямет күни шақылары, жүнлери ҳәм туяқлары менен келеди. Әлбетте, қан жерге түсиўинен алдын Аллаҳтың ҳүзириндеги мәканға жетеди. Солай екен, оны шын кеўилден қылың» (Имам Термизий рәўияты).

Қурбанлық қылыў Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннети екени ҳаққында Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады: «Нәбий алайҳиссәләм Мадинада он жыл қурбанлық қылды» (Имам Термизий ҳәм Имам Аҳмад рәўияты).

Қурбанлық ушын сойылатуғын ҳайўанлар

Қурбанлық ушын ешки, қой, қара мал ҳәм түйе сойылады. Ешки менен қой қурбанлық қылыныў ушын бир жасқа толған болыўы керек. Егер алты айлық қой бир жаслы қой сыяқлы ири болса, оны да сойыўға болады. Қара мал кеминде еки жас, түйе кеминде бес жас болыўы лазым. Бул ҳайўанлардың еркеги де, урғашысы да қурбанлық қылынса болады. Қой ҳәм ешкини тек бир адам қурбанлық қыла алады. Қара мал менен түйени жети адамға шекем қурбанлық қылыў мүмкин. Бул ҳаққында Усман разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте мынандай делинеди:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен Ҳудайбияда бир түйени жети адамның атынан ҳәм бир сыйырды жети адамның атынан сойдық» (Имам Мүслим ҳәм Имам Термизий рәўияты).

Бирақ, бундай шерикшиликте оғада абайлы болыў керек. Өйткени, шериклердиң ҳәммеси де мусылман ҳәм қурбанлықты нийет еткен болыўы шәрт. Набада олардың ишинде биреўи тек гөш мақсетинде қосылған болса, оған қосылып қалған барлығының қурбанлығы да зая болады. Сойылған ҳайўанның гөши шериклер арасында тең бөлистирилиўи керек.

Денесинде нуқсаны бар ҳайўанларды қурбанлық ушын сойыў

Еки көзи яки бир көзи соқыр, жүре алмайтуғын дәрежеде шолақ, арық, қулақ ҳәм қуйрығы кесилген ҳайўанларды қурбанлық қылыўға болмайды. Егер қулақ ҳәм қуйрығының үштен бири яки оннан азырағы кесилген болса, қурбанлық қылыў мүмкин. Қурбанлық ҳайўаны сойыў ушын жатқарылғанында айыплы болып қалса, мысалы, аяғы сынып қалса, оны қурбанлыққа сойса болады.

Шақысының айырым жери сынған қойды да қурбанлық қылыўға руқсат берилген. Бирақ шақысы түбинен сынған болса, оны қурбанлыққа сойыў жайыз емес.

Қотыр қойды қурбанлыққа сойыў ушын қотырлық гөшке өтпеген ҳәм от-жем жеп турған болыўы шәрт қылынады. Болмаса, қотыр қойды да қурбанлыққа сойыўға руқсат берилмейди («Пәтәўәий әлемгирия» китабы).

Түйе, сыйыр, қой ҳәм ешкиниң еркеги де, урғашысы да, пишилгени де, пишилмегени де қурбанлық ушын сойылса болады («Әл-Ҳидая» ҳәм «Пәтәўәий әлемгирия» китаплары).

Қурбанлық гөшин бөлистириў

Қурбанлықты бөлистириўдеги динимиз тәлийматы ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:

«Қурбанлықтың үштен бири шаңарағына жегиздириледи, жарлы қоңсыларға үштен бири, және үштен бири болса сораўшыларға» (Әбиў Муўса Асфаҳаний рәўияты).

Қурбанлық гөшиниң үштен бирин шаңарақ әҳлине, үштен бирин қоңсыларға ҳәм қалғанын мүтәжлерге тарқатыў мустаҳаб. Барлығын мүтәжлерге берсе яки шаңарақта көпшилик болса, үйде қалдырыўға да болады. Терисин сатыў яки қассаптың хызмет ҳақысы ретинде бериў жайыз емес. Набада сатылса, ақшасы жарлыларға иҳсан қылыныўы керек.

Шерикшилик пенен қурбанлық сойылғанда гөшти бөлистириў

Қурбанлықты бөлистириўдеги әҳмийетли талаплардан бири – бул шериклердиң барлығы тең муғдарда гөш алыўы. Ҳайўанның ҳәр бир ағзасын шериклер арасында теңдей бөлисип алыў абзал, себеби ҳәммеге ҳәр ағзадан тийеди. Бирақ ағзалардың барлығы гөш болғаны ушын улыўмалық салмағы тең бөлиниўи де жетерли болады. Мысалы, биреўге баўыр, биреўге бөтеке түсиўиниң зыяны жоқ. Тийкарғы нәрсе барлық қатнасыўшы тең салмақта гөш алыўы керек.

Қурбанлық сойылатуғын ўақытлар

Қурбанлық Зүлҳижжа айының оныншы, яғный Қурбан ҳайыты күни Қурбан ҳайыт намазы оқып болынғаннан кейин басланып, он биринши күни ҳәм он екинши күнлери де әмелге асырылады. Оның ақырғы ўақты Зүлҳижжаның он екинши күни Қуяш батыўы, яғный намазлыгер намазының ўақты таўысылыўы менен ақырына жетеди.

Қурбанлық қылыў кимлерге ўәжиб?

Ҳанафий мәзҳабына көре, күнделикли итияжлардан тысқары 85 грамм алтын яки оның қунына тең мал-мүликке ийе болған адамға, егер байлығына бир жыл толмаған болса да қурбанлық қылыў ўәжиб болады. Қурбанлық ҳәр жылы қайталанатуғын ибадат.

Жуўмақлаўшы сөз

Қурбанлық ибадаты Ислам дининдеги қаржылық ибадатлардан бири болып, ол бендениң Аллаҳ таалаға болған тақўасы, итааты ҳәм шүкиршилигин көрсетеди. Мақалада қурбанлықтың Ислам шәриятындағы орны, оның ҳүкими ҳәм енгизилиўи ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, қурбанлық ушын мүнәсип ҳайўанлар, олардың жасы ҳәм сыпатларына тийисли шәрий талаплар, нуқсанлы ҳайўанларды қурбанлық қылыў менен байланыслы мәселелер де ашып берилди. Бул болса қурбанлық ибадатын туўры ҳәм қабыл болатуғын тәризде бежериў ушын әҳмийетли орын тутады.

Буннан тысқары, қурбанлық гөшин бөлистириў, әсиресе шерикшилик тийкарында сойылған қурбанлықта әдалатлы бөлистириў тәртиплери ҳаққында да сөз жүритилди. Қурбанлықтың белгиленген ўақытта бежерилиўи ҳәм оның кимлерге ўәжиб екени ҳаққындағы мағлыўматлар болса, усы ибадаттың шәрияттағы тәртип ҳәм қәделерин және де айдынластырады.

Жуўмақлап айтқанда, қурбанлық тек ғана ҳайўан сойыў емес, бәлким инсан қәлбиндеги ықлас, тақўа, сақаўат ҳәм аўызбиршилик сезимлерин беккемлейтуғын уллы ибадат болып табылады. Ол жәмийетте меҳир-муҳаббат, өз-ара жәрдем ҳәм аўызбиршилик орталығын қарар таптырыўға хызмет қылады. Сонлықтан ҳәр бир мусылман қурбанлық ибадатының мәнәўий ҳәм шәрий әҳмийетин туўры аңлап, оны шәрият көрсетпелери тийкарында бежериўге умтылыўы лазым.

Пайдаланылған әдебиятлар:

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф: «Тәфсири Ҳилал» китабы;

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф: «Ҳәдис ҳәм турмыс» китабы;

Әбиў әл-Ҳусайн Мүслим ибн әл-Ҳәжжәж ибн Мүслим әл-Қүшәйрий ән-Нәйсәбүрий: «Саҳиҳи Мүслим» китабы;

Әбиў Ийса Муҳаммад ат-Термизий: «Сунани Термизий» китабы;

Әбиў Абдуллаҳ Аҳмад ибн Муҳаммад ибн Ҳанбал әз-Зүҳәлий әщ-Щәйбәний: «Муснад» китабы;

Өзбекстан мусылманлары басқармасының 22.05.2026 күнги «Қурбанлық ҳәм оның пазыйлети» тезиси;

Өзбекстан мусылманлары басқармасы «Пәтиўа орайы»ның fatvo.uz сайты.

Рәсмий дереклерден Шымбай районы «Хан» жәме мешити найып-имамы Баймуратов Рахим таярлады.

Тэглер

Садақа