Бүгин, 15-январь күни Ѳзбекстанда Қуран жарысларының биринши басқышы Жиззах ўәлаяты Замин районында басланды. Бул ең шырайлы үлкеден Илаҳий кәламның нуры пүткил мәмлекетимиз бойлап ѳзиниң файз-берекетин таратпақта.
Жарыс Қураны кәрийм тиләўаты менен басланды. Дәслеп Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий орынбасары Шайх Абдулазиз Мансур ҳәзиретлери муфтий Усманхан Алимов ҳәзиреттиң жарыс қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўларын жеткерди. Шѳлкемлестириўшилер баслығы Абдулҳаким қарый Матқулов жарыстың ѳткерилиў тәртиби менен таныстырды. Шѳлкемлестириўшилер баслығы орынбасары Ҳасанхан қарый Абдумажидов Қуран жарысы қатнасыўшыларының тиләўатын баҳалаў мийзанларын түсиндирди.
Кейин гүзетиўши ҳәм баҳалаўшы тѳрешилер бирме-бир таныстырылып ѳтилди.
Жарысты “Ҳифз” жѳнелиси қатнасыўшылары баслады.