Фото

Мысырда атеизм қадаған етилежақ

15 Январь, 2018 1271

Усы күнлери Мысыр парламенти атеизмге қарсы нызамды ислеп шықты. Нызам күшке кирсе, Мысыр мәмлекетинде атеизм пүткиллей қадаған етиледи ҳәм бул жынаят сыпатында баҳаланады. Усы жойбар Парламент комитетиниң дин ислери бойынша депутаты Әмир Хамруш ислеп шықты.

Оған кѳре, нызамды бузған адам динге ҳүрметсизлик еткенде айыпланып жынаят жуўапкершилигине тартылады ҳәм 5 жыл мүддетке азатлығынан айырылады.

Еслетип ѳтемиз, Мысырда Ислам динине ҳүрметсизлик қатты қараланады ҳәм жуўапкершиликке тартылады.

2016-жылы жазыўшы Фатима Наот қурбан ҳайыты байрамында қурбанлық етиўди қаралағаны ушын үш жылға азатлығынан айырылған.

Тэглер