Фото

Ташкентте жаңадан мешитлер ашылады

15 Январь, 2018 1286

Ташкент қаласында жол бойларында жолаўшылар ушын киширек намаз оқыў орынлары ашылады. Бул ҳаққында ѳткен ҳәптениң пийшемби күни болып ѳткен жыйналыста Ташкент қаласы бас имам хатиби Анвар Турсунов мәлим еткен, деп хабар береди Кун.уз.

Юнусабат районы «Мырза Юсуф» мешити имам хатиби Раҳматуллаҳ Сайфуддинов та жума күндеги марузасында бул хабарды айтып ѳткен.

«Енди, үлкен жоллардың бойларында, намаз ўақты болғанда адамлар таҳәратхана ҳәм мешит излеп қыйналмаўы ушын намаз оқыў орынлары қурылады. Бул жаме мешит емес, жума намазы оқылмайды, бирақ бес ўақыт намаз оқылады. Бул жолаўшылар ушын мешитлер деп аталады. Усындай тапсырма болды. Бул үлкен хошхабар», деген ол.

Айтылыўынша, Ташкенттеги 11 районның ҳәр биринде екеўден усындай мешитлер қурылады. «Район бас имам-хатиблери қай жерлерге жоллар шетлеринде таҳәратханалар ҳәм намазханалар қурыў бойынша усыныслар берген», делинген. Буннан басқа да, Ташкент қаласындағы Сырғалы ҳәм Бектемир районларында жаңадан жаме мешитлер де қурылады.

Тэглер