Жәмийетшилик тәрепинен 2018 жылғы Мәмлекет бағдарламасында кѳрсетилген бәнтлерге мүнәсибет берилмекте. Солардан бири диний саладағы жаңалықларға бағышланған болып, «тек диний билим журтларында емес, ҳүкимет тәрепинен руқсат берилген мешитлерде де диний илимлерди шәртнама тийкарында, дизимге алынған тәртипте жолға қойыўға руқсат» берилиўи соралған, деп хабар береди kun.uz
Алдынырақ мәмлекетлик бағдарлама жәмийетшилик додаланыўына усынылғаны ҳаққында айтылған еди. Оған кѳре, 237 бәнттен ибарат бағдарлама 15 январьға шекем улыўма халық додалаўында кѳрип шығылады.
Бундағы бәнтлерден бири Конфессиялараралық бирге ислесиў ҳәм миллетлераралық татыўлықты және де беккемлеў, мәмлекет институтлары ҳәм диний шѳлкемлер арасындағы бирге ислеўди ҳәм де шѳлкемлестириўши-ҳуқықый механизмларын раўажландырыўға бағышланған.